Саида Мирзиёева ЮНЕСКОның жаңа басшысын қутлықлады

51

Президент Администрациясының басшысы Саида Мирзиёева ЮНЕСКОның жаңа бас директорын қутлықлады.

“ЮНЕСКО Секретариатына бирге ислесиў ушын шын жүректен миннетдаршылық билдиремен. Сондай-ақ, доктор Холид ал-Ананийди шөлкемниң  Бас директоры лаўазымына тайынланғаны менен қутлықлайман. Өзбекстан ЮНЕСКОның тынышлық, билимлендириў ҳәм өз-ара мәдениятлар алмасыўы жолындағы исенимли шериги болып қалмақта.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң бул тарийхый илажды Уллы Жипек жолы орайында өткериў басламасын бир аўыздан қоллап-қуўатлағаны ушын барлық ағза мәмлекетлерге шын жүректен миннетдаршылығымды билдиремен,” деп жазады Мирзиёева.

Еслетип өтемиз, Холид ал-Ананий Самарқандтағы сессияда бас директор лаўазымына сайланған еди, – деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги