Самарқанд Конгресс орайында суўдан пайдаланыў имканиятларын ҳәм оның тазалығын арттырыў илажларын додаладық

55

Жаңа технологиялар, каналларды бетонлаў, санлы басқарыў ҳәм суўды үнемлеўге қаратылған жойбарлар ҳаққында пикир алыстық.

Суў – мәмлекетимиздеги ең тийкарғы стратегиялық ресурслардан бири. Сол себепли сөйлесиўде суўдың жумсалыўын мақсетли бөлистириў, киши GESлер қурыў, аўыл хожалығы жойбарлары бойынша инновациялық басламалар усынылды.

Бул усыныс ҳәм идеялар халықтың турмыслық зәрүрликлерин шешиўге, фермерлер ҳәм дийқан хожалықларын қоллап-қуўатлаўға хызмет етеди, – деп жазады Саида Мирзиёева өз телеграм каналында.