Санлы экосистеманы беккемлеў бойынша бирге ислесиў додаланды

Бүгинги күнде инновация, билимлендириў ҳәм исбилерменликти бирлестирген басламалар тек ғана экономикалық өсиў емес, ал жәмийеттиң абаданлығын тәмийинлеўге хызмет етпекте. Усы мәниде, Өзбекстанның жетекши билимлендириў ҳәм инновация орайлары менен бирге ислесиўи, әсиресе, халықаралық дәрежедеги илимий институтлар менен байланысларын беккемлеўи тараўда жаңа басқышты баслап бермекте.
Усы мақсетте Санлы технологиялар министрлиги делегациясы министр Шерзод Шерматов басшылығында “MIT Kuo Sharper” абаданлық ҳәм исбилерменлик орайының резидент илимпазы Шамил Ибрагимов пенен ушырасыў өткерди.
Ушырасыў даўамында тәреплер Өзбекстанның санлы ҳәм инновациялық экосистемасын беккемлеў бойынша алып барылып атырған ҳәрекетлерди қоллап-қуўатлаў ушын потенциал бирге ислесиў бағдарларын додалады. Сәўбет тийкарынан инновацияларға тийкарланған өсиў, исбилерменлик потенциалын арттырыў ҳәм Өзбекстан ҳәм “MIT Kuo Sharper” орайы арасында тәжирийбе алмасыў имканиятлары ҳаққында болды.
— Өзбекстан жедел санлы экономиканы қурыўда сезилерли жетискенликлерге еристи. Мәмлекеттиң инновациялық экосистемасын қоллап-қуўатлаўға қаратылған тәжирийбе алмасыў ҳәм потенциал бирге ислесиў имканиятларын үйрениў бизге қанаатланыўшылық бағышлады. Сөйлесиўди даўам еттириўди ҳәм “MIT Kuo Sharper” орайы усы әҳмийетли процесске үлес қосыўы мүмкин болған жолларды анықлаўды интизарлық пенен күтемиз, – деди Шамил Ибрагимов.
Орай жетекшилик ҳәм венчур билимлендириўи, арнаўлы тренерлик және динамикалық глобаллық жәмийетшиликке тәсир көрсетиў арқалы исбилерменлерге дүньяның ең әҳмийетли машқалаларын шешетуғын тәсиршең кәрханаларды қурыў ҳәм кеңейтиў ушын зәрүр қуралларға ийе болыў имканиятларын жаратады.
Нигора Раҳмонова, ӨзА