Өзбекстандағы кеңпейиллик тәжирийбесиниң тән алыныўы

Усы жылдың 10-ноябрь күни Египет Араб Республикасының newsroom.info интернет басылымында Имам Бухарий халықаралық илимий-изертлеў орайының үлкен илимий хызметкери Отабек Муҳаммадийевтиӊ “Диний кеңпейиллик ҳәм миллетлераралық татыўлық – бийбаҳа тынышлығымыз гиреўи” атамасындағы мақаласы жәрияланды.
Мақалада ғәрезсизликтиң дәслепки жылларынан баслап елимизде түрли дин ҳәм миллет ўәкиллери арасындағы аўызбиршилик, өз-ара ҳүрмет ҳәм кеңпейиллик орталығын беккемлеў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бирине айланғаны атап өтилген. Автор Өзбекстанда ҳәр бир пуқараға өз исенимин еркин әмелге асырыўы ушын зәрүр ҳуқықый ҳәм руўхый тийкарлар жаратылғанын, түрли динлерге тийисли қәдириятлар, муқаддес орынлар ҳәм дәстүрлер қәстерлеп-сақланып атырғанын айрықша атап өткен.
Соның менен бирге, мақалада Өзбекстан Республикасы Конституциясының пуқаралар теңлигине байланыслы қағыйдасы да келтирилген.
Бул норма тек ғана ҳуқықый принцип сыпатында емес, ал пуқаралардың санасында кеңпейиллик ҳәм өз-ара ҳүрметти беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилген.
Автор мақаласында муқаддес ислам тәлийматларында кеңпейиллик “мүриўбет” түсиниги менен түсиндирилиўин, бул болса инсанды гөззаллыққа, мийрим-шәпәәтке ҳәм әдалатлы мүнәсибетке шақыратуғынын атап өтеди. Оған бола, ислам ағартыўшылығының тийкарында да тап усындай жақсы қатнас жатады: ҳәр бир исеним, мәденият ҳәм дәстүрге ҳүрмет пенен қараў, пикир ҳәм диний көзқараслардың ҳәр түрлилигине шыдамлылық пенен қатнас жасаў жәмийеттиң турақлылығы ҳәм тынышлығының тийкары болып есапланады.
Бундай халықаралық басылымларда өзбек илимпазларының мақалаларының басып шығарылыўы мәмлекетимизде диний кеңпейиллик ҳәм миллетлераралық татыўлық тараўында әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм илимий-ағартыўшылық жумыстың халықаралық майданда да тән алынып атырғанынан дерек берип, дүнья жәмийетшилигинде елимиз ҳаққындағы унамлы пикирди және де беккемлейди, ислам дининиң ҳақыйқый адамгершилик ҳәм тынышлыққа шақырыўшы мәнисин жарытыўда әҳмийетли орын ийелейди.
Ғ.ҲАСАНОВ,
ӨзАның хабаршысы