Жаңаланып атырған Өзбекстанның жаңа кәсиплик аўқамлары

54

Елимизде болып атырған жаңаланыў процесслериниң раўажланыўына Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы да мүнәсип үлес қосып келмекте. Усы күнлерде мәмлекетимиз бойлап кеңнен белгиленип атырған Өзбекстан кәсиплик аўқамлары ҳәрекетиниң 120 жыллығына бағышланған илажларда бул тәреплер және бир мәрте өзиниң айқын көринисин таппақта. Әсиресе, сәне мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң қутлықлаўы байрамға өзгеше қуўаныш бағышлады.

Пайтахтымыздағы Өзбекстан кәсиплик аўқамлары сарайында 11-ноябрь – Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни мүнәсибети менен салтанатлы илаж шөлкемлестирилди.

Оған Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы, Министрлер Кабинетиниң ўәкиллери, сенаторлар, депутатлар, тараў белсендилери, халықаралық мийнет ҳәм кәсиплик аўқамлары шөлкемлериниң басшылары мирәт етилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Өзбекстан кәсиплик аўқамларының белсендилери ҳәм ағзаларына қутлықлаўын Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Коммуникациялар департаментиниң басшысы – Өзбекстан Республикасы Президентиниң баспасөз хаткери Шерзод Асадов оқып еситтирди.

Ҳақыйқатында да, қутлықлаўда атап өтилгениндей, Жаңа Өзбекстан – инсан өмири, оның саламатлығы, ҳуқық ҳәм мәплери, қәдир-қымбаты нызам тийкарында исенимли қорғалатуғын мәмлекет дегени.

Соның ушын өз қатарларында сегиз миллионға шамалас ағзаны бирлестирген кәсиплик аўқамларының мийнет тараўындағы ҳуқық ҳәм мәплерди қорғаў, әдиллик ҳәм теңлик принциплерин тәмийинлеў бағдарындағы бир әсирден аслам тәжирийбе мектеби елимизде жаңа жәмийет, жаңа мәмлекет қурыўда оғада үлкен әҳмийетке ийе.

Бул ҳақыйқатты терең түсинген кәсиплик аўқамларының белсендилери социаллық тараўдағы бағдарламаларды әмелге асырыў, әсиресе, кәмбағаллықты қысқартыў, бәнтликти тәмийинлеў, жаслар, нуранийлар, ҳаял-қызлардың мәплерин қорғаўда айрықша белсендилик көрсетип келмекте.

Сәне мүнәсибети менен Президентимиздиң “Өзбекстан кәсиплик аўқамлары ҳәрекетиниң 120 жыллығы мүнәсибети менен тараў хызметкерлеринен бир топарын сыйлықлаў ҳаққында”ғы пәрманы қабыл етилгени бул жәмийетлик структураға қаратылып атырған итибардың әмелий тастыйығы болып есапланады.

Салтанатлы илажда Ўатанымыздың орден ҳәм медальларын Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева тапсырды.

Салтанатлы илажда шығып сөйлегенлер тараўдың раўажланыўы жолында көрсетилип атырған үлкен итибар ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирди.

– Инсан қәдири жаңа Өзбекстанда реформалардың баслы мақсети, тийкарғы мазмун-мәнисин қурамақта, – деди “Шуҳрат” медалының ийеси, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы баспасөз хызметиниң басшысы Муҳаббат Ўрмонбекова. – Өзбекстан инсан ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, мийнетти қорғаў, хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының саламатлығын беккемлеў мәселелерине үлкен итибар қаратпақта. Мәмлекетимиз басшысының биз тараў ўәкиллерине итибары кеўлимизди көкке көтерди. Ҳәзирги ўақытта бундай итибар және де үлкен жуўапкершилик пенен мийнет етиўге ийтермелейди.

Салтанатлы илажда Өзбекстан кәсиплик аўқамларының 120 жыллық тарийхына байланыслы театрластырылған музыкалы бағдарлама қойып берилди.

Илажда Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Зулайҳо Маҳкамова қатнасты.

Назокат Усмонова,

Носир Ҳайдаров (сүўрет),

ӨзАның хабаршылары