Нөкис районында әмелге асырылып атырған жумыслар үйренилди

49

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Нөкис районына барды.

Дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығы район орайындағы «Ақманғыт» посёлка пуқаралар жыйыны аймағынан өтиўши «Ақманғыт» каналы әтирапында халық ушын қолайлы шараят жаратыў мақсетинде 6,6 миллиард сум қаржы тийкарында 24 саатлық (24/7) режимде жумыс алып баратуғын арнаўлы хызмет көрсетиў орны ҳәм «Халық сейили» саўда-кеўилашар орайының қурылысы менен жақыннан танысты.

 

«Саманбай» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде жаңадан шөлкемлестилирип атырған үйрек бағыў орынлары көзден өткерилди. Бул жерде улыўма 40 жумыс орны жаратылыўы режелестирилген болып, үйреклерди көбейтиў, мәйек ҳәм гөш өнимлерин жетистириў белгиленген.

Буннан соң пуқаралардың турмыс шараятын жақсылаў бағдарында еле де шешимин күтип турған мәселелерди анықлаў ҳәм машқалаларға шешим табыў бойынша райондағы көше бийлери, нураный-ақсақаллар менен ушырасыў өткерилип, алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.

Үйрениўлер даўамында Нөкис районында халықтың турмыс жағдайын жақсылаў, районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, мәмлекетлик бағдарламалар, әмелге асырылыўы тийис болған жумыслар шеңберинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша мәжилис өткерилип, күн тәртибиндеги мәселелер сын көз-қараста талқыланды.

                                                                    Қарақалпақстан хабар агентлиги