Музейге саяхат – ата-бабаларымызға ҳүрмет белгиси

Жаслардың сабақтан бос ўақытларын кеўилли ҳәм мазмунлы өткериў, оларды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў мақсетинде, Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы директоры Б.Еримбетов филиалдың студентлери ҳәм тютор Н.Артықбаева менен биргеликте Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети қурамындағы Реперессия қурбанларын еслеў музейине саяхатқа барды.
Саяхат даўамында музей экскурсовод Рахман Буранов тәрепинен ҳәр бир экспонант пенен жақыннан таныстырылды ҳәм музей залларынан орын алған ҳәр бир экспонант студентлерде үлкен қызығыўшылық оятты. Әсиресе, XX әсирде жүз берген сиясий репрессиялар, халқымыз басынан өткерген аўыр сынақлар, тарийхый ўақыялар, миллет пидайыларының өмири ҳәм мәртликлери ҳаққында көплеген мағлыўматларға ийе болды.



Жоқары оқыў орны басшысының басламасы менен шөлкемлестирилген бул саяхат студентлерде Ўатан сүйиўшилик сезимлерин оятып, оларда мәрт ата-бабаларымыздың ислеген ерликлерине деген ҳүрмет, миллий қәдириятларға садықлық сезимлерин еледе беккемледи.
Б.Тохпанов,
Бердақ атындағы ҚМУ журналистика тәлим бағдарының студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги