Өзбекстан футболы ушын әҳмийетли жойбар – Жаңа Ташкент стадионының қурылысы басланды

30

Президент Шавкат Мирзиёев 11-ноябрь күни Жаңа Ташкентте ири спорт объекти – заманагөй футбол стадионының қурылысына ирге тасын қалаў мәресиминде қатнасты.

Соңғы бес жыл мәмлекетимиз футбол тараўында түпкиликли бурылыс дәўири болды. Соның ишинде, жергиликли чемпионатлар системасы реформаланып, балалар ҳәм жас өспиримлер академиялары шөлкемлестирилди, аймақларда 75 үлкен ҳәм 302 мини стадион жумыс алып бармақта.

Бизге белгили, 2017-жылы елимизде ФИФА ҳәм Азия футбол конфедерациясы талапларына жуўап беретуғын майданлардың саны тек ғана үшеў болған. Бүгин олардың саны 10 нан асты.

Жақында Жоқары Шыршық районында заманагөй Миллий футбол орайы қурып питкерилди. Футбол мектеплеринде 65 мыңнан аслам жаслар шынығыўлар өткермекте. Бул мектеплерге дүньяның абырайлы футбол клубларынан тренерлер, спорт медицинасы ҳәм фармакологиясы бойынша маман қәнигелер тартылған.

Футболшыларды мәҳәлледен баслап селекциялайтуғын система жаратылды. Оған айрықша жеңилликлер енгизилип, 9 мыңнан аслам мәҳәллениң 70 процентинде футбол ушын мини майданшалар шөлкемлестирилди.

Сондай-ақ, 1,5 мың мектептиң футбол стадионлары оңланып, 1 миллионнан аслам оқыўшы ҳәм мәҳәлле жаслары қамтып алынды. Жаслар арасында мәҳәлледе, районлық, ўәлаятлық ҳәм республикалық турнирлерди дәстүрий өткериў жолға қойылды.

Жарысларда өзин көрсеткен қәбилетли жаслар футбол мектеплерине тиккелей қабыл етилмекте.

Бул ҳәрекетлер өз нәтийжесин бере баслады.

– Футбол бойынша олимпиада сайланды командамыз өткен жылы Париждеги олимпиадада биринши мәрте қатнасты. Тарийхымызда биринши мәрте миллий сайланды командамыз келеси жылы болып өтетуғын жәҳән чемпионатына жолламаны қолға киргизди. Ҳәзирги күнлерде Қатарда болып атырған жәҳән чемпионатында он жети жасқа шекемги футболшыларымыз Азия чемпионы сыпатында мәмлекетимиздиң абырайын қорғамақта, – деди мәмлекетимиз басшысы мәресимде.

Бүгин дүньяның түрли абырайлы клубларында ойнап атырған 20 футболшымыздың улыўма трансфер баҳасы 60 миллион доллардан асты. Әсиресе, өткен айдан баслап жерлесимиз Абдуқодир Ҳусанов Азияның ең қымбат футболшысына айланғаны ҳәммемизге мақтаныш бағышлайды.

Бул нәтийжелер соңғы жылларда жаратылған имканиятлар есабынан миллий футбол мектебиниң халықаралық дәрежеде тән алынып атырғанынан дерек береди.

– Жақында ФИФА президенти Жанни Инфантино мәмлекетимизге сапары даўамында Өзбекстанда футболға итибар, жаратылған инфраструктура, басқарыў системасындағы реформалар менен жақыннан танысып, усы спорттағы түпкиликли өзгерислерди жоқары баҳалады. Мырза Инфантино қызғын сөйлесиўимиз ўақтында халықаралық футбол жәмийетшилигиниң мәмлекетимизге болған исеними барған сайын артып атырғаны, Өзбекстан футболы “Азия грандлары” дәрежесинде екенин айрықша атап өтти, – деди Президент.

2-октябрь күни ФИФА Кеңеси мәжилисинде футбол бойынша 20 жасқа шекемгилер арасында 2027-жылғы жәҳән чемпионатын Өзбекстан ҳәм Әзербайжанда өткериў бойынша қарар қабыл етилди.

Бул жәҳән чемпионаты шеңбериндеги ойынлар еки мәмлекеттеги 3 еўден  стадионда өткериледи. Жәҳән чемпионатларының финал ҳәм ярым финал ойынлары сыйымлылығы 50 мыңнан аслам стадионда өткерилиўи ФИФА талапларынан бири есапланады.

– Соның ушын, мәмлекетимиз футболы ушын әҳмийетли жойбар – Жаңа Ташкент стадионының қурылысын баслаймыз. Баҳасы 100 миллион долларлық бул стадион қурылысы ушын не себептен әйне Жаңа Ташкент аймағы таңланды? Өйткени Жаңа Ташкент келешекте мәмлекетимиздиң жаңа имканиятлар ҳәм алдынғы идеялар орайына айланады, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Жаңа Ташкент аймағындағы барлық жойбарлар заманагөй архитектура ҳәм миллий қәдириятлар үнлеслигинде экологиялық ҳәм “ақыллы басқарыў”ға тийкарланып қурылмақта. Усы улыўма концепция тийкарында қурылатуғын жаңа стадион да тәбият пенен үнлес болады ҳәм “жасыл энергия”, “ақыллы басқарыў” ҳәм “қолайлы орталық” принциплерине тийкарланады.

Жаңа Ташкент стадионы ФИФАның барлық талапларына муўапық қурылады ҳәм Азиядағы ең ири ҳәм заманагөй инфраструктураға ийе футбол майданшаларынан бири болады.

Бул имарат тек ғана 2027-жылғы 20 жасқа шекемгилер арасындағы жәҳән чемпионаты ушын емес, ал пүткил өзбек футболы ҳәм жаслар спортының келеси он жыллық раўажланыўы ушын хызмет ететуғыны атап өтилди.

Мәмлекетимиздиң жаслар арасындағы жәҳән чемпионатына басшылық етиўи халықаралық жәмийетшиликтиң Өзбекстанға болған исеними ҳәм ҳүрметиниң және бир көриниси екенин атап өтиў керек.

Усы мүнәсибет пенен чемпионатқа таярлық бойынша өз алдына мәмлекетлик бағдарлама қабыл етилетуғыны айтылды. Инфраструктура, транспорт, мийманхана, медициналық хызмет ҳәм волонтёрлық системалары бойынша жуўапкер министрликлерге анық ўазыйпалар белгилеп бериледи.

– Жаңа Ташкент стадионы ушын ҳәзир биз қоятуғын тырнақ тасы – бүгинги мийнетимиздиң ҳәм ертеңги жеңислеримиздиң тийкары. Бул үлкен имарат жаслар ушын илҳам, халқымыз ушын мақтаныш белгилеринен бири болып, елимиздеги миллионлаған футбол ықласбентлерине үлкен саўға болатуғынына исенемен, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев Жаңа Ташкент стадионының тырнағына капсула қойып, қурылысын баслап берди.

Зиёдулла ЖАНИБЕКОВ,

 Икрам АВВАЛБОЕВ,

 ӨзАның хабаршылары