Басқарыўды жетилистириў ҳәм жойбарлар нәтийжелилигин арттырыў мәселелери додаланды

34

Президент Шавкат Мирзиёев 11-ноябрь күни экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша усыныслардың презентациясы менен танысты.

Кейинги жыллары мәмлекетимизде тәбиятты қорғаў, атмосфера ҳаўасын жақсылаў, жасыл аймақларды көбейтиў ҳәм климат өзгериўине бейимлесиў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Бирақ әмелдеги системадағы пытыраӊқылық, жуўапкершилик ҳәм ўәкилликлердиң ҳәр қыйлы уйымлар арасында бөлинип кеткени себепли жумыслардың нәтийжеси де бәрқулла күтилген дәрежеде болмай атыр.

Усы мүнәсибет пенен мәжилисте тараўда басқарыўды жетилистириў бойынша ислеп шығылған усыныслар көрип шығылды.

Қоршаған орталықтың сапасын, қалаларда атмосфера ҳаўасын жақсылаў, жасыл аймақларды раўажландырыў, тәбиятқа жуўапкершиликли қатнасты қәлиплестириў ҳәм тәбийғый мийрасты қорғаўға байланыслы жойбарларды әмелге асырыў ҳәм қаржыландырыўды орайласқан ҳалда алып барыў усыныс етилди.

Экологиялық қадағалаўды айрықша көзқараслар тийкарында жолға қойыў ҳәм жуўапкер уйымлардың ўәкилликлерин кеңейтиў режелери ҳаққында мағлыўмат берилди. Онда, тараўдағы қағыйдабузарлықларға қарсы оператив илаж көриў, тереклердиң нызамсыз кесилиўи, ҳаўаның патасланыўының алдын алыў, жәмийетшиликтиң қатнасын кеңейтиў механизмлери, сондай-ақ, санаатта экологиялық тәртипке салыўды жетилистириў ҳәм елатлы пунктлерде жасыл аймақлардың сақланыўын тәмийинлеў илажлары көрип шығылды.

Президентимиз билдирилген усынысларды мақуллап, оларды басқарыўда сапа ҳәм нәтийжелиликти жаңа басқышқа алып шығыў, қадағалаў ҳәм жуўапкершиликти күшейтиў көзқарасынан буннан былай да жетилистириў бойынша тапсырмалар берди.

 

ӨзА