Басқарыў нәтийжелилигин раўажландырыўда мәмлекетлик-бизнес шериклиги бойынша заманагөй система жолға қойылады

117

Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Басқарыў нәтийжелилиги агентлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы арасында қол қойылған бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумда белгиленди.

Ҳүжжет мәмлекетлик уйымлар ҳәм жеке меншик сектор арасында нәтийжели шерикликти раўажландырыў, жеке меншик сектордағы ең алдынғы тәжирийбелерди мәмлекетлик хызметте енгизиўге қаратылған.

Меморандум шеңберинде мәмлекетлик уйымлардың HR басшылары ушын жеке меншик сектордың қатнасыўында оқыўлар ҳәм стажировкалар шөлкемлестириледи.

Инсан ресурсларын басқарыўда жоқары көрсеткишлерге ерискен ТОП-100 компаниялар менен турақлы сөйлесиў платформасы (“HR-club”) қәлиплестириледи.

Жергиликли компаниялардың экспертлери тәжирийбе алмасыў процесслерине тартылады.  Мәмлекет бойлап HR қәнигелери ушын бирден-бир байланыс каналы жаратылады ҳәм мәмлекетлик уйымларда HR бөлимлери қоллап-қуўатланады. Санлы технологиялар тийкарында инсан ресурсларын басқарыў раўажландырылады.

Бул меморандум кадрлар потенциалын арттырыў, инновациялық HR әмелиятларын енгизиў арқалы басқарыў нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етиўи күтилмекте.

Н.Абдураимова, ӨзА