Өзбекстан ҳәм Россия президентлери телефон арқалы сөйлести

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 11-ноябрь күни Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен телефон арқалы сөйлести.
Өзбекстан менен Россия арасындағы кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.
Товар алмасыўдың өсиў пәтин сақлап қалыў, экономиканың тийкарғы тармақларында кооперацияны, соның ишинде, энергетика тараўындағы биргеликтеги жойбарларды алға қойыў, аймақлардың исбилерменлик байланыслары ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўды кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.
Усы жыл 22-октябрь күни Москва ўәлаятында өткен Өзбекстан ҳәм Россия аймақлары кеңесиниң екинши мәжилиси нәтийжели болғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
3-декабрь күни болатуғын Өзбекстан – Россия Ҳүкиметлераралық комиссиясының гезектеги мәжилиси ҳәм оның шеңберинде биргеликтеги бизнес форумын нәтийжели өткериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысылды, болажақ илажлардың режеси додаланды.
ӨзА