Миллетлер аралық татыўлықты сәўлелендириўши фотокөргизбе

Бүгинги күнде елимизде түрли миллет ҳәм дин ўәкиллери кеңпейиллик, дослық ҳәм аўызбиршилик принциплери тийкарында тыныш ҳәм татыў турмыс кеширип атыр. Мине усындай социаллық турақлылықты беккемлеў мақсетинде “Кеңпейиллик ҳәптелиги” шеңберинде барлық аймақларда түрли мәдений-ағартыўшылық илажлар өткерилмекте.
Олардан бири Ташкент фотосүўретлер үйинде шөлкемлестирилген “Өзбекстан – кеңпейил дияр” атамасындағы фотокөргизбе болып есапланады.

Көргизбеде Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар мәселелери бойынша комитети ҳәм миллий мәдений орайлар, дослық жәмийетлери менен биргеликте өткерилген илажлар, елимизде жасап атырған түрли миллет ҳәм дин ўәкиллериниң турмыс тәризи, мәденияты, үрп-әдетлери сәўлелендирилген 100 ден аслам шығармалар көрсетилди.

— “Өзбекстан – кеңпейил дияр” атамасындағы фотокөргизбе елимизде түрли миллет ҳәм дин ўәкиллери арасындағы кеңпейиллик, дослық ҳәм аўызбиршиликти сәўлелендиретуғын әҳмийетли социаллық илаж болып хызмет етеди, – дейди Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар мәселелери бойынша комитети баслығының орынбасары Олим Нарзуллаев. – Көргизбеде көрсетилген 100 ден аслам дөретпелер арқалы келгенлер елимиздеги мәдений ҳәр түрлилик ҳәм тынышлық орталығын сезе алды. Бундай илажлар миллетлераралық татыўлықты беккемлеў, руўхый байлықты қәстерлеп сақлаў ҳәм барлық әўладты кеңпейиллик руўхында тәрбиялаўда үлкен әҳмийетке ийе.
Нигора Раҳмонова, ӨзА