Онкологиялық хызметлерди буннан былай да жетилистириў бойынша мәжилис өткерилди

67

Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий орайы ҳәм оның аймақлық филиаллары арасында гезектеги режели видеоконференцбайланыс мәжилиси болып өтти. Бул мәжилис Президент көрсетпелери тийкарында онкологиялық хызметлерди буннан былай да жетилистириў, медициналық жәрдемниң сапасын арттырыўға қаратылған қарарлардың орынланыўын додалаў мақсетинде шөлкемлестирилди.

Илаж даўамында денсаўлықты сақлаў системасындағы әҳмийетли мәселелер ҳәр тәреплеме талланып, 2026-жылға шекем мөлшерленген стратегиялық режелер додаланды.

Мәжилис күн тәртибиндеги ең әҳмийетли мәселелерден бири рак кеселликлерин ерте анықлаў ҳәм диагноз қойыў системасын күшейтиў болды. Қәнигелердиң атап өтиўинше, онкологиялық кеселликлерди дәслепки басқышта анықлаў наўқаслардың саламатлығын тиклеў итималын бир неше есеге арттырады. Сол себепли, орай ҳәм филиалларда заманагөй скрининг бағдарламаларын кеңейтиў, халықтың ҳәр қыйлы жас категорияларын турақлы профилактикалық тексериўлерден өткериў системасын буннан былай да жетилистириў зәрүрлигин атап өтилди.

Медицина тараўындағы техникалық имканиятлар заман менен үнлес болыўы керек. Усы көзқарастан, мәжилисте медициналық үскенелерден пайдаланыў дәрежесин арттырыў, бар технологияларды толық қуўатлылықта иске қосыў, олардың сервис хызметин турақлы тәмийинлеў мәселелери додаланды. Сондай-ақ, жаңа үскенелерди алып келиў менен бир қатарда, қәнигелердиң маманлығын арттырыў, медицина хызметкерлерин заманагөй диагностика ҳәм емлеў усылларына оқытыў мәселесине де айрықша итибар қаратылды.

Мәжилисте химия терапиясы дәри таярлаў бөлимлериниң жумысын жетилистириў мәселеси де әҳмийетли бағдар сыпатында көтерилди. Бул бағдарда орайда ислеп шығылған үлги тәртиплер тийкарында барлық аймақлық филиалларда стандартларға сәйкес шараятлар жаратыў, дәри таярлаў процесинде қәўипсизлик ҳәм сапа қадағалаўын күшейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Илажда аймақлар кесиминде рак кеселликлерин таллаў, эпидемиологиялық көрсеткишлерди салыстырыў, статистикалық мағлыўматлар тийкарында анық илажлар ислеп шығыў мәселелери көрип шығылды.

Мәжилис даўамында орай ҳәм оның аймақлық филиаллары арасында өз-ара бирге ислесиўди күшейтиў, ўәкиллик шегараларына қатаң әмел етиў зәрүрлиги де айрықша атап өтилди. Бул бир тәрептен, басқарыў нәтийжелилигин арттырса, екинши тәрептен, жуўапкершилик ҳәм қадағалаў системасын беккемлейди.

Мәжилис жуўмағында 2026-жылға шекем мөлшерленген стратегиялық раўажланыў бағдарламасының жойбары көрип шығылды. Онда медицина инфраструктурасын модернизациялаў, жаңа диагностика орайларын шөлкемлестириў, халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў, сондай-ақ, илимий-изертлеў жумысын күшейтиў мәселелери орын алған.

Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медицина орайы тәрепинен өткерилген видеоконференцбайланыс мәжилиси мәмлекетте онкологиялық хызметлерди жаңа басқышқа алып шығыў жолындағы әҳмийетли қәдемлерден бири болып есапланады. Мәжилисте белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы, әлбетте, наўқаслар ушын сапалы, оператив ҳәм қәўипсиз медициналық жәрдем көрсетиў системасын жетилистириўге хызмет етеди.

Дилдора ДЎСМАТОВА, ӨзА