“Жасыл” экономикаға өтиў бойынша қандай илажлар көрилмекте? – Еки министр жуўап береди

Бүгинги күнде экологиялық машқалалардың ақыбетлерин жумсартыў ҳәм алдын алыў мақсетинде қайта тиклениўши энергия дереклерин кеңейтиў, шығындыларды азайтыў, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм экологиялық жақтан таза технологияларды енгизиўге айрықша итибар қаратылмақта.
Өткен дәўирде “2019-2030-жыллар дәўиринде Өзбекстан Республикасының “жасыл” экономикаға өтиў стратегиясы”нда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы шеңберинде “Энергетика реформалары ушын инновациялық углерод ресурсларын қолланыў” жойбары тийкарында 2023-жылы энергетика тариф реформасы өткерилди. Нәтийжеде республикада жәми 6,3 миллион тонна карбонат ангидрид эквивалентиндеги ыссыхана газлериниң шығындылары қысқартылды.
Бул қысқартылған ыссыхана газиниң белгили бир бөлегин (500 мың тонна карбонат ангидрид эквивалентинде) халықаралық углерод бирликлериниң саўдасына қаратыў арқалы 7,5 миллион АҚШ доллары муғдарындағы грант қаржылары тартылды. Ресурсларды үнемлеў көрсеткишлери бойынша әмелге асырылған илажлар нәтийжесинде 6,3 миллион кВт/саат энергия, 82 мың м3 ден аслам суў, 1 050 тоннадан зыят шийки зат үнемлениўине ерисилген.
Усы жыл даўамында ири санаат ҳәм 140 цемент ислеп шығарыўшы кәрханаға заманагөй шаң-газ тазалаў үскенелери орнатылған. Буннан тысқары, санаат кәрханалары тәрепинен өзине тийисли болған ҳәм тутас аймақларда “жасыл коридор”лар жаратыў бойынша 2024-жылдың бәҳәр ҳәм гүз мәўсимлеринде 11,8 миллион дана терек ҳәм пута нәллерин егиў жумыслары әмелге асырылған. Тоғай менен қапланғанлық дәрежесин арттырыў мақсетинде 2024-жылы мәмлекетлик тоғай фондының пайдаланылмай атырған 7 мың гектар жерлери өзлестирилген.
Соның менен бирге, бүгинги күнде қоршаған орталықты сақлаў, атмосфера ҳаўасын қорғаўда өз шешимин күтип турған айырым мәселелер бар. Олар системалы қатнасты, барлық ресурсларды тартқан ҳалда шешимлерди талап етпекте.
Атап айтқанда, депутатлардың сайлаўшылар менен ушырасыўларында, сайлаў округлериндеги үйрениўлеринде халық тәрепинен атмосфера ҳаўасын қорғаў, шығындыларды қайта ислеў, экологиялық мониторинг системасын буннан былай да күшейтиў, энергияны үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бойынша бир қатар мәселелер көтерилмекте.
Төменги палатаның мәжилисинде усылардан келип шығып, атмосфера ҳаўасына зыянлы шығындылар шығаратуғын ҳәм нормадан артық патасланған өндирислик ақаба суўларын пайда ететуғын кәрханалардың жағдайын баҳалаў ҳәм зыянлы шығындыларды азайтыў, өнимлерди өндиристе ҳәм хызметлер көрсетиўде технологиялық процесслерди “Жасыл сертификат” экологиялық сертификатластырыў ҳәм экологиялық маркировкалаў, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик ўәкиллериниң “жасыл экономика”ға өтиўин қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша тийкарланған түсиниклер бериў ҳаққында Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи және Экономика ҳәм қаржы министрлерине парламентлик сораў жиберилди.
Муҳтарама Комилова, Аслиддин Алижонов (сүўрет), ӨзА