Европа тәжирийбеси – Өзбекстан әмелиятында

72

Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлиги ҳәм системадағы шөлкемлердиң хызметкерлери ушын КНАУФ компаниясы менен биргеликте семинар-тренинг шөлкемлестирилди. Илажда компания ўәкиллери ҳәм тараўға жуўапкер шөлкемлердиң жуўапкерлери қатнасты.

Семинардың тийкарғы мақсети Өзбекстан аймағында қурылып атырған имаратларда өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў, халықаралық стандартларға тийкарланған алдынғы тәжирийбелерди үйрениў ҳәм әмелиятқа енгизиўден ибарат болды.

Илажда Техникалық нормалластырыў ҳәм стандартластырыў илимий-изертлеў институты, Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы тараўында қадағалаў инспекциясы, “Ашық-айдын қурылыс” миллий мәлимлеме системасы ҳәм Қала қурылысы ҳүжжетлерин экспертиза етиў Республикалық орайының ўәкиллери қатнасты.

Семинар даўамында өртке шыдамлылық бойынша өткерилген әмелий сынақлардың нәтийжелери, қурылыс материалларының техникалық өзгешеликлери ҳәм олардың қолланылыў тараўлары ҳәр тәреплеме додаланды. Сондай-ақ, жергиликли шараятта ислеп шығарылып атырған жанбайтуғын материаллардан пайдаланыў имканиятлары ҳәм нормативлик талапларға муўапықлықты тәмийинлеўде сынақ ҳүжжетлериниң әҳмийети ҳаққында сөз етилди.

Семинарда компанияның Европадан келген өрт қәўипсизлиги бойынша жетекши қәнигелери де қатнасып, өз тәжирийбеси менен ортақласты ҳәм халықаралық стандартларға тийкарланған қатнасларды усынды.

Илаж жуўмағында бул бағдарда тәжирийбе арттырыў тренинглерин системалы түрде шөлкемлестириў, жойбарлаў институтлары ҳәм техникалық қадағалаў уйымлары қәнигелерин оқытыў мәселелери келисип алынды.

Бул баслама тараў қәнигелериниң билим ҳәм көнликпелерин арттырыў, қурылыста қәўипсизлик стандартларын жоқары дәрежеде тәмийинлеўге хызмет етеди.

Ш.Маматуропова, ӨзА