Жазаны өтеўден шәртли азат етилгенлерге қосымша миннетлеме жүкленбекте

61

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде жазаны өтеў мүддетинен алдын шәртли азат етилген шахслар үстинен қадағалаў механизмлерин жетилистириўге қаратылған нызам жойбары биринши оқыўда додаланды.

Бул жойбар бойынша ишки ислер министриниң биринши орынбасары Аюбхон Раҳматуллаев толық мағлыўмат берди:

– Өткен жылы қабыл етилген “Пробация ҳаққында”ғы нызам менен пробация институты енгизилген еди. Бул жазаны өтеп болған ямаса жазаны өтеў мүддетинен алдын шәртли азат етилген шахслардың минез-қулқы үстинен нәтийжели қадағалаў орнатыў арқалы оларды қайта тәрбиялаў, жәмийетлик турмысқа қайтыўы ушын шараят жаратыў, қайта жынаят ислеўдиң алдын алыўда нәтийжели қурал болып хызмет етпекте. Бул нызам жойбары да мине усы жазаны өтеўден шәртли азат етилген шахслар үстинен нәтийжели пробация қадағалаўын шөлкемлестириўди жетилистириўге қаратылған.

Жазаны өтеўден мүддетинен алдын шәртли азат етиў институты бар ҳәм жаза илажының бир бағдары есапланады. Буның өтелеўин тәмийинлеў де пробация бөлимлери тәрепинен әмелге асырылады. Бирақ, миллий нызамшылығымызда бундай жазаға ҳүким етилгенлер үстинен қадағалаў механизмлери ҳәм қадағалаўшы субъектлердиң анық ўазыйпалары белгиленбеген.

Сонлықтан, жойбар менен Жынаят кодексиниң 73-статьясына шәртли азат етилген шахсларға ўақты-ўақты қадағалаўшы уйымларға келип дизимнен өтип турыў миннетлемесин жүклеў мүмкин екенлиги нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, нызам жойбары менен Жынаят-орынлаў кодекси жаңа 28/1-бап пенен толықтырылып, онда жазаны өтеў мүддетинен алдын шәртли азат етилген шахслар үстинен пробация қадағалаўын әмелге асырыў, қадағалаў талапларын бузған шахсларға қосымша миннетлеме жүклеў ямаса жазаны қайта өтеў, соның ишинде, шахс мойнынан айырым миннетлемелерди шығарыў ҳаққында судқа усыныс киргизиў тәртиби ҳәм тийкарлары белгиленбекте.

Атап өтилгениндей, нызам жойбарының қабыл етилиўи жазадан шәртли азат етилген шахслар үстинен системалы ҳәм нәтийжели қадағалаў орнатыў имканиятын жаратады, пробация системасының ҳуқықый тийкарларын және де беккемлейди. Сондай-ақ, жәмийетте тынышлық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў, пуқаралардың нызамға бойсыныўшылық қатнасын күшейтиў ҳәм қайтадан жынаятлардың алдын алыўда айрықша әҳмиетке ие.

Қызғын додалаў ҳәм сораў-жуўаплардан соң нызам жойбары биринши оқыўда қабыл етилди.

Муҳтарама Комилова,

Аслиддин АЛИЖАНОВ (сүўрет),

 ӨзА