“INFOLIB O‘ZBEKISTON-2025” XIV Миллий мәлимлеме-китапхана ҳәптелиги басланды

64

Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан Миллий китапханасы тәрепинен “INFOLIB O‘ZBEKISTON-2025” XIV Миллий мәлимлеме-китапхана ҳәптелиги шөлкемлестирилди.

2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясының 72-мақсетинде халыққа мәлимлеме-китапхана хызметин көрсетиўди буннан былай да раўажландырыў, китапқумарлықты кеңнен ғалаба ен жайдырыў ҳәм “Китапқумар миллет” улыўма миллий идеясын әмелге асырыў белгиленген. Ҳәзирги ўақытта аймақларда халыққа мәлимлеме-китапхана хызметин көрсетиўди жетилистириў, инновациялық түрлерин ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў арқалы автоматластырылған китапхана системасын жаратыў әҳмийетли бағдарлардан есапланады.

Усы тәреплерди есапқа алған ҳалда ҳәптелик бир ўақыттың өзинде Өзбекстан Миллий китапханасында ҳәм Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық мәлимлеме-китапхана орайларында шөлкемлестирилди.

– Мәмлекетимизде китапқумарлықты раўажландырыў улыўма миллий ҳәрекетке айланып кетти, – деди ағартыўшылық ҳәптелигиниң ашылыўында Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан Миллий китапханасы бас директоры Умида Тешабоева. – Президентимиздиң халқымызды китапқумар миллетке айландырыў бағдарындағы ийгиликли басламалары турмыста өзиниң айқын көринисин таппақта. Бул тәреплер мине усындай ағартыўшылық ҳәптеликлери даўамында және бир мәрте көзге тасланбақта.

“INFOLIB O‘ZBEKISTON-2025” XIV Миллий мәлимлеме-китапхана ҳәптелигин өткериўден гөзленген тийкарғы мақсет – елимизде мәлимлеме-китапхана тараўын буннан былай да раўажландырыў, халыққа мәлимлеме алыўдың дереги, түри ҳәм усылларын жеткериў, мәлимлеме-китапхана пайдаланыўшыларына хызмет көрсетиў, китапқумарлық ҳәм китап оқыўды үгит-нәсиятлаў, интеллектуаллық билими ҳәм дәрежесин арттырыўға байланыслы илажлар арқалы олардың китапханаларға қызығыўшылығын арттырыўдан ибарат. Бул ағартыўшылық ҳәптелиги тараў қәнигелерине тараўға енгизилген заманагөй, илимий-методикалық қолланбалар менен таныстырыў имканиятын беретуғыны менен де әҳмийетли.

Миллий мәлимлеме-китапхана ҳәптелиги шеңберинде жәмийетлик ҳәм халықаралық шөлкемлер менен биргеликте тараў қәнигелери ҳәм китапқумарлар ушын бир қатар руўхый-ағартыўшылық илажлар, семинарлар, дөгерек сәўбетлери, таңлаўлар, тренинглер, шеберлик сабақларын өткериў және басылымлардың қатнасыўында китап көргизбелери, ярмаркаларын шөлкемлестириў, қәнигелердиң руўхый-мәдений билимлерин арттырыўға байланыслы илажлар, шеберлик сабақлары, викториналар, белгили илим ҳәм мәденият ғайраткерлери, көркем өнер ғайраткерлериниң қатнасыўында дөретиўшилик ушырасыўлар, театрластырылған шығыўлар көрсетиў режелестирилген.

Ҳәптелик шеңберинде жас әўладтың китап оқыўға болған қызығыўшылығын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде “Жаңа Өзбекстан китапханашылары – жаңа күш, жаңа имканиятлар, жаңа шеклер” сүрени астында V Жас китапханашылар форумы өткерилмекте.

Форумның мақсети заманагөй талапларға жуўап беретуғын табыслы китапхана-мәлимлеме жумысы ушын зәрүр болған жеке ҳәм кәсиплик компетенцияларды, билим, тәжирийбе ҳәм көнликпелерди раўажландырыў ушын шараят жаратыў, жас китапхана қәнигелери арасында кәсиптиң абырайын арттырыў ҳәм жәмийетте китапханашы ҳәм китапханалардың унамлы имиджин жаратыўдан ибарат. Соның менен бирге, бул форум китапхана жумысын шөлкемлестириўде инновациялық жойбарларды тараўға енгизиў ушын жаслардың кәсиплик белсендилигин хошаметлеўди де нәзерде тутады.

Быйылғы форум шеңберинде қоңсы мәмлекетлер китапханаларының унамлы тәжирийбесин үйрениўге бағышланған сәўбетлер, жас китапханашы қәнигелердиң қатнасыўында кәсиплик раўажланыўға байланыслы пикирлесиў, китапханашылық тараўында мәлимлеме технологиялары жаңалықлары, “Дөретиўши китапханашы” рубрикасында сүўрет салыў бойынша таңлаўлар, китапхана менеджменти, “Интеллектуаллық қүдиретке ийе жасларымыз”, “Жаңа Өзбекстанымыздың раўажланыў айнасы”, “Зыялы жаслар елдиң таянышы”, “Жасалма интеллект пайдалы ма ямаса зыянлы ма?..” темаларында семинар-тренинглер өткериледи.

Кәсиплик шеберлик күнинде “Edo.ijro.uz  системасы ҳаққында тийкарғы түсиниклер ҳәм оннан қалай пайдаланыў усыллары ”  “Жасалма интеллект…..” , “Өз жойбарыңды әмелге асыр….” атамысында тренинг ҳәм шеберлик сабағы, интелектуаллық потенциалды арттырыўға қаратылған илажлар өткериў режелестирилген.

Миллий мәлимлеме-китапхана ҳәптелиги даўамында  “IFLA (Халықаралық китапханашылар ассоциацияси) грантлары: Жас китапханашылар ушын халықаралық тәжирийбеалмасыў имканияты ” атамасында семинар-тренинглер  болып өтеди.

Назокат Усмонова, ӨзАның хабаршысы