11-ноябрь – Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни

68

Ҳәр жылы 11-ноябрь күни мәмлекетимизде Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни кеңнен белгиленеди. Бул сәне мийнеткешлердиң мәпин қорғайтуғын, жәмийетте әдиллик ҳәм аўызбиршилик идеяларын беккемлейтуғын әҳмийетли социаллық институт – кәсиплик аўқамларының жумысын тән алыў күни сыпатында айрықша әҳмийетке ийе.

Бүгинги күнде Өзбекстанда “Инсан қәдири ушын” принципи мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарына айланған. Бул идея тек ғана сиясий сүрен емес, ал ҳәр бир пуқараның мийнетин, ҳуқықын ҳәм турмыс дәрежесин жақсылаўға қаратылған улыўма халықлық ҳәрекети сыпатында қәлиплеспекте. Мине, усы бағдарда кәсиплик аўқамларының жумысы әҳмийетли орын ийелейди. Олар мийнет жәмәәтлери, жумыс бериўшилер ҳәм мәмлекет арасында социаллық шериклик принципине тийкарланған қатнасықларды қәлиплестирип, хызметкерлердиң мийнет, социаллық-экономикалық ҳәм ҳуқықый мәплерин қорғайды.

Кәсиплик аўқамлары бүгинги реформалар процесинде инсан мәплерин орайға қойған сиясаттың тиккелей орынлаўшысына айланбақта. Бул шөлкемлер ҳәр бир хызметкердиң жеке машқаласы жәмийет машқаласына айланыўы мүмкин екенлигин терең аңлап, социаллық әдиллик принципин беккемлеўге хызмет етпекте. Сонлықтан, 11-ноябрь – Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни тек ғана бир тараў ўәкиллериниң байрамы емес, ал мийнетке, инсан қәдири ҳәм социаллық татыўлыққа ҳүрмет байрамы болып есапланады!

Дилдора ДЎСМАТОВА,

ӨзАның хабаршысы