Гөззал орталық гөззал жәмийетти қәлиплестиреди

62

Инсан тәрбиясында әлбетте, бәринен бурын, шаңарақ үлкен әҳмийетке ийе. Бирақ жәмийет деп аталатуғын үлкен турмыс шынжыры да адамның минез-қулқының өзгериўине алып келиўи мүмкин. Әсиресе, бунда жасаў орталығы деген түсиник тийкарғы итибарда болады.

Биз жасап атырған барлықта ҳәр қыйлы минезли инсанлар бар. Олар менен бизди қандай да бир жәмийеттеги роль ямаса статус бирлестиреди. Мәселен, студентликте курслас, мийнет жолында кәсиплес ҳәм т.б. Орталық түсиниги мине усы процесслерде өз сөзин айтади.

Жаслардың минез-қулқы унамсыз тәрепке өзгергенде гейде оның әтирапындағылар айыплы деп қараў жағдайларыныӊ гүўасы боламыз. Негизинде буның да өзине жараса ҳақыйқаты бар.

– Адамзат бир-бирине айрықша тәсир көрсете алыў қәсийети менен жаратылған. Соның ушын да кекселеримиз “Жақсыға жантас, жаманнан қаш”, деген тилекти көп тәкирарлайды. Әсиресе, перзентлеримиздиң жақсы орталықта билимли теңлеслери менен жасап атырғаны оғада әҳмийетли, – дейди Ташкент қаласында жасайтуғын жерлесимиз, шайыр Озода Бекмуродова.

Көринип турғанындай, биз әтирап пенен, әтирап болса биз бенен тиккелей байланыслы. Солай екен, бәрқулла жақсылар менен бирге болыўға, барлыққа да жақсылық үлестириўге умтылып жасаўға не жетсин? Негизинде, гөззал орталық гөззал жәмийетти қәлиплестиреди.

Шербек Исламов,

ӨзА