Өзбекстан – Иран: экономикалық байланыслар беккемленбекте

Өзбекстан инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов Иран Ислам Республикасының санаат, кәнлер ҳәм саўда министри Муҳаммад Атабак пенен ушырасты. Өз-ара сөйлесиў даўамында тәреплер саўда-экономикалық байланысларды кеңейтиў, биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў ҳәм пайдалы бирге ислесиўди және де беккемлеў мәселелерин додалады.
Ушырасыўда энергетика, транспорт, логистика, фармацевтика ҳәм туризм тараўларында кооперацияны раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды. Сондай-ақ, қоспа өндирислерди шөлкемлестириў ҳәм өнимлерди регионаллық базарларға алып шығыў бойынша әмелий басламалар көрип шығылды.


Статистикаға бола, 2024-жылы мәмлекетлеримиздиң өз-ара саўда көлеми 500 миллион долларды қураған. 2025-жыл 1-сентябрь жағдайына бола, Өзбекстанда Иран капиталының қатнасыўында 222 кәрхана жумыс алып бармақта, олар қурылыс, транспорт ҳәм фармацевтика тараўларында жойбарларды әмелге асырмақта.
М.Пирматова, ӨзА