Халықаралық стандартларға сәйкес, қәўипсиз ҳәм бәсекиге шыдамлы медициналық әсбап-үскенелер ислеп шығарыўға исенимли қәдем

99

“Медициналық буйымлар – Сапа менеджменти системалары – Тәртипке салыў мақсетлери ушын талаплар” стандарты тастыйықланды

Бүгинги күнде Өзбекстанда фармацевтика ҳәм медициналық үскенелер тараўында избе-из реформалар әмелге асырылмақта. Мәмлекетимиз тәрепинен халыққа сапалы, қәўипсиз өнимлер жеткерип бериў, жергиликли ислеп шығарыўшыларды қоллап-қуўатлаў және олардың дүнья базарындағы бәсекиге шыдамлылығын арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Глобаллық базар талапларына сәйкес миллий стандартларды енгизиў – мәмлекеттиң фармацевтика тармағын турақлы раўажландырыў ҳәм экспорт потенциалын арттырыўдың әҳмийетли факторы болып есапланады. Усы мақсетте, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 19-августта “Дәри қураллары ҳәм медициналық үскенелер айланысын тәртипке салыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы пәрманы қабыл етилди.

Усы пәрманның 9-бәнтине муўапық, Өзбекстан Техникалық жақтан тәртипке салыў агентлигине Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте “ISO 13485 – Медициналық әсбап-үскенелер ушын сапа менеджменти системалары” халықаралық стандартының талапларына бейимлестирилген миллий стандартты ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў ўазыйпасы жүкленген еди.

Нәтийжеде, 2025-жыл 30-сентябрьде ӨзМСт ISO 13485:2025 (ISO 13485:2016, IDT)- “Медициналық буйымлар – Сапа менеджменти системалары – Тәртипке салыў мақсетлери ушын талаплар” Өзбекстан миллий стандарты мәмлекетлик дизимге киргизилди ҳәм 2025-жыл 30-октябрьден баслап әмелиятқа енгизилди.

Бул стандарт медициналық үскенелердиң қәўипсизлиги ҳәм сапасы үстинен қадағалаўды күшейтиў, денсаўлықты сақлаў системасының нәтийжелилигин арттырыў ҳәм Өзбекстанның халықаралық фармацевтика базарындағы абырайын беккемлеўге хызмет етеди.

Жергиликли ислеп шығарыўшылар ушын ӨзМСт ISO 13485:2025 (ISO 13485:2016, IDT) стандарты жәҳән талапларына сәйкес өним ислеп шығыў, экспорт потенциалын кеңейтиў ҳәм өндирис процесслерин жетилистириў имканиятын жаратады.

Соның менен бирге, медициналық үскенелерди халықаралық стандартлар тийкарында сертификатлаў арқалы наўқаслардың қәўипсизлиги кепилленеди, халықтың исеними ҳәм қанаатланыўшылығы артып барады.

Усы пәрман тийкарында қабыл етилген ӨзМСт ISO 13485:2025 (ISO 13485:2016, IDT) миллий стандарты – мәмлекетимизде медициналық үскенелердиң сапасын ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў, жергиликли ислеп шығарыўшыларды халықаралық базарға алып шығыў ҳәм халықтың саламатлығын қорғаў жолындағы әҳмийетли қәдем болып есапланады.

 

Моҳигул Қосимова, ӨзА