“Президент Олимпиадасы” жаңа чемпионлар әўладын таярлайды

72

Мәмлекетимиз басшысының басламасы тийкарында елимизде үш басқыштан ибарат “Президент Олимпиадасы” спорт жарысларының жолға қойылғаны қәбилетли жасларды таңлап алыўдың жаңаша системасын жүзеге келтирди.

Ўатанымыздың спорт абырайын халықаралық майданларда мүнәсип қорғайтуғынлар қатарын және де кеңейтиўге хызмет ететуғын бул спорт жарысларының биринши басқыш жарыслары – “Жаңа Өзбекстан Олимпиада шыңлары” ойынлары усы жылдың май, июнь ҳәм август айлары даўамында жоқары дәрежеде шөлкемлестирилди. Жеңил атлетика, таэквондо, еркин гүрес, грек-рим гүреси, көркем гимнастика, стол тенниси, бокс, дзюдо, аўыр атлетика, баскетбол 3х3 бойынша шебер жаслар усы жылы ноябрь айының үшинши он күнлиги ҳәм декабрь айының биринши он күнлигинде “Президент Олимпиадасы” спорт жарысларында беллеседи.

Спорт министрлиги, Миллий олимпиада комитети жуўапкерлери, қәнигелер, федерация ўәкиллериниң қатнасыўында “Президент Олимпиадасы” спорт жарысларын жоқары дәрежеде өткериўге бағышланған мәжилисте пайтахтымыздағы “Олимпиада қалашасы” ҳәм орынларда шөлкемлестирилетуғын жарыс объектлеринде спортшылар ушын зәрүр шараятларды жаратыў, жумысшы топарлар тәрепинен белгиленген бағдарлар бойынша жумысларды шөлкемлескенлик пенен шөлкемлестириў, қәўипсизлик илажларын көриў ҳәм жарыс процесслеринде ашық-айдынлықты тәмийинлеў мәселелери көрип шығылды.

Додалаўлар даўамында “Жаңа Өзбекстан Олимпиада шыңлары” жарысларының аймақлық басқышында 6 мың 500 ден аслам ҳәм Ташкент қалалық басқышында 800 ге шамалас спортшылар қатнасып, олардың 517 и “Президент олимпиадасы”нда қатнасыў ҳуқықын қолға киргизгени атап өтилди.

Билдирилген пикир-усыныслар тийкарында “Президент олимпиадасы” жарысларының ҳәр тәреплеме жоқары дәрежеде, әдил өтиўин тәмийинлеўде улыўма есапта 27 ден аслам төрешилер жумыс алып барыўы белгиленгени айтып өтилди.

“Президент Олимпиадасы” спорт жарысларын жоқары дәрежеде шөлкемлестириў бойынша жуўапкерлерге тийисли көрсетпе ҳәм усыныслар берилди.

Т.Рўзиев,

ӨзА