Өзбекстан Вена конвенциясына қосылыў ушын ҳүжжетти рәсмий түрде тапсырды

53

Бул ҳаққында Санаат, радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги комитетиниң мәлимлеме хызмети хабар берди. Онда атап өтилиўинше, Өзбекстан Вена конвенциясына қосылыў ушын зәрүр ҳүжжетти рәсмий түрде тапсырды. Бул қәдем мәмлекеттиң ядролық тараўдағы халықаралық бирге ислесиўин беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе.

Усы мүнәсибет пенен Венада шөлкемлестирилген илажда Өзбекстан Республикасының Австриядағы елшиханасы жуўапкерлери ҳәм Халықаралық атом энергиясы агентлиги (МАГАТЭ) бас директоры Рафаэл Гросси қатнасты.

Ушырасыўда Өзбекстан тәрепи МАГАТЭ бас директоры Рафаэл Гроссиге Ядролық зыян ушын пуқаралық жуўапкершилик ҳаққындағы Вена конвенциясына қосылыў ҳаққындағы ҳүжжетти рәсмий түрде тапсырды. Бул қәдем мәмлекетимиздиң ядролық тараўда халықаралық стандартлар ҳәм қағыйдаларға муўапық жумыс алып барыўдағы тийкарғы бағдарларынан бири болып есапланады.

МАГАТЭ бас директоры өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Өзбекстанның қысқа мүддет ишинде ядролық тараўдағы төрт тийкарғы халықаралық конвенцияға қосылғанын айрықша атап өтти ҳәм мәмлекетимизге халықаралық бирге ислесиўдеги жедел ҳәрекетлери ушын миннетдаршылық билдирди.

Вена конвенциясына қосылыў Өзбекстан ушын бир қатар әҳмийетли имканиятлар ҳәм үстинликлерди тәмийинлейтуғынын атап өтиў керек. Олардың арасында ядролық энергиядан қәўипсиз ҳәм нәтийжели пайдаланыў, ядролық зыян ҳәм техникалық авариялардан келип шығатуғын экономикалық ҳәм ҳуқықый машқалаларды халықаралық стандартлар тийкарында шешиў, сондай-ақ, ядролық инфраструктуралардың халықаралық көлемде исенимлилигин арттырыў сыяқлы тәреплер айрықша әҳмийетке ийе.

Соның менен бирге, Өзбекстан халықаралық майданда ядролық қәўипсизлик ҳәм жуўапкершилик тараўында исенимли шерик сыпатында тән алынады. Бул болса мәмлекетимизге халықаралық инвестициялар ҳәм технологиялық жойбарларды әмелге асырыўда қосымша абзаллықлар жаратады, ядролық енергетика тараўында қәўипсизлик ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлейди.

Бул қәдем мәмлекеттиң ядролық энергетика тараўындағы сиясатын халықаралық стандартлар тийкарында беккемлейди ҳәм халықты және қоршаған орталықты қорғаўдағы нызамшылық базасын буннан былай да жетилистириў имканиятын береди.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА