“Қәўипсиз қала” системасының нәтийжелилиги артпақта: 9 айлық жумыс нәтийжелериниң анализи

“Қәўипсиз қала” орайында Ишки ислер министриниң орынбасары З.Қурбоновтың қатнасыўында усы жылдың өткен 9 айы даўамында әмелге асырылған жумыслар бойынша есабат мәжилиси өткерилди.
Мәжилисте өткен дәўир даўамында “Қәўипсиз қала” орайына келип түскен рәсмий ҳүжжетлер, Президент қарарлары, пәрманлар, Министрлер Кабинетиниң қарарлары, министрликтиң бийликлери, сондай-ақ, буйрықлардың белгиленген тәртипте қадағалаўға алынғаны, орынланыўы толық тәмийинленгени ҳаққында сөз етилди.
Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысының 2025-жыл 3-январьдағы ПҚ-1-санлы қарарының орынланыўы шеңберинде республика бойынша “қызыл” категориядағы мәҳәлле аймақларына 23 мың 747 интеллектуаллық видеобақлаў камералары орнатылғаны айрықша атап өтилди.

Ҳәзирги ўақытта интеграция жумыслары 60 процентке жеткерилген болып, барлық аймақларда сервер қурылмалары орнатылды ҳәм орайдың жумысын үзликсиз тәмийинлеў ушын заманагөй Мониторинг орайы толық иске қосылды. Бүгинги күнде “Қәўипсиз қала” платформасына бир қатар министрликлер ҳәм уйымлардың мағлыўматлар базалары интеграцияланған ҳәм бул мәмлекетлик уйымлар арасында мағлыўмат алмасыў нәтийжелилигин кескин арттырмақта.

Мәжилисте тараўдың өткен 9 айлық жумысы ҳәр тәреплеме талланып, әмелге асырылған реформалар, санлы трансформация процесслери ҳәм хызмет нәтийжелилигин арттырыў бағдарында ерисилген жетискенликлер додаланды. Ҳәр бир бағдар бойынша көрсеткишлер, аймақлық басқармалардың жумысы ҳәм “Қәўипсиз қала” системасы шеңберинде орынланған жумыслар көрип шығылды.
Тармақта насаз камералар санының артып баратырғаны қатты сынға алынды. Сондай-ақ, орнатылған камераларды интеграциялаў жумысларын жеделлестириў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.
Дилдора ДЎСМАТОВА, ӨзА