Кеңпейиллик – миллетлер дослығы ҳәм тыныш турмыстың беккем тийкары (+Видео)

Адамзат дүньяға меҳир менен келеди. Бирақ оның қәлбиндеги бул меҳирди сақлап қалыў, оны кеңпейиллик пенен байытыў ҳәр кимниң тәрбиясына байланыслы. Бүгин дүньяда түрли миллетлер, динлер ҳәм мәдениятлар бирге жасайтуғын шараятта кеңпейиллик тек ғана сөз ямаса сүрен емес, ал тынышлық ҳәм татыўлықтың тийкарғы кепиллигине айланған.
Кеңпейиллик – бул басқаларды өзимиздей қабыл етиў, пикирине, исенимине, келип шығыўына қарамастан инсан сыпатында қәдирлеў пазыйлети. Ол тек ғана ҳүрмет ҳәм келисимди емес, ал адамлардың қәлбин жақынластыратуғын руўхый көпирди аңлатады.
Усы жағынан да кеңпейиллик халқымызға тән әййемги ҳәм әзелий пазыйлет болып есапланады. Ата-бабаларымыз әсирлер даўамында “Бирлик бар жерде берекет бар” деген турмыслық ҳикметке әмел етип, түрли миллет ҳәм дин ўәкиллерине бәрқулла ашық кеўил ҳәм шын жүректен қатнас жасап келмекте.
БМШ Бас Ассамблеясының қарарына муўапық, 1997-жылдан берли 16-ноябрь ҳәр жылы пүткил дүньяда “Халықаралық кеңпейиллик күни” сыпатында белгиленип келинеди. Бул сәнени Өзбекстанда белгилеў де жақсы дәстүрге айланған. Уллы Жипек жолы кесилиспесинде жайласқан Өзбекстан әзелден түрли миллет, халық ҳәм дин ўәкиллериниң тыныш, өз-ара ҳүрмет ҳәм аўызбиршилик орталығы менен татыў жасап келген мәкан сыпатында тән алынады.
Ҳәзирги күнде елимизде 130 дан аслам миллет ҳәм халық, 16 диний конфессия ўәкиллери кеңпейиллик, дослық ҳәм аўызбиршилик принциплери тийкарында жасап келмекте.
Бүгин елимиздиң барлық аймақларында миллетлераралық ҳәм динлераралық дослық, татыўлық ҳәм аўызбиршиликти беккемлеўге қаратылған ҳәр қыйлы илажларды өзинде жәмлеген “Кеңпейиллик ҳәптелиги” илажларына старт берилди.
Ҳәптеликтиң дәслепки илажы “Жаңа Өзбекстан” бағындағы Ғәрезсизлик монументине гүл қойыў мәресиминен басланды. Ғәрезсизлик монументи мәмлекет азатлығы ҳәм турақлылығы белгиси есапланады. Онда Өзбекстан халқының көп әсирлик мәмлекетшилик тарийхы, уллы ойшыл ҳәм жаўынгер бабалардың тулғалары сәўлеленген. Естеликтиң ең жоқары бөлиминде Қумай қусы сүўретленген.
Өзбекстан Республикасы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар мәселелери бойынша комитети ҳәм Өзбекстан Республикасы Дин ислери бойынша комитети басшылары ҳәм хызметкерлери, миллий мәдений орайлар ҳәм дослық жәмийетлериниң белсендилери, диний конфессия ўәкиллери, ҒХҚ хызметкерлери және кең жәмийетшилик қатнасқан “Кеңпейиллик маршы”нан соң монументке гүллер қойылды.
Буннан соң “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде түрли миллет ҳәм дин ўәкиллериниң қатнасыўында “Жаңа Өзбекстан” бағында терек нәллерин егиў мәресими өткерилди. Мәресимде түрли миллет ҳәм дин ўәкиллери биргеликте жақсы нийет етип, шынар нәллерин екти.
Усы жылдың 10-15-ноябрь күнлери мәмлекетимиз бойлап өткерилетуғын “Кеңпейиллик ҳәптелиги” илажлары шеңберинде республикамыздың барлық ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласындағы абырайлы көркем өнер сарайлары, театрлар, концерт заллары, тамаша майданлары ҳәм сулыў қыябанлары және бағларда түрли мәдений-ағартыўшылық, илимий-әмелий илажлар режелестирилгенин атап өтиў керек.
Н.Раҳмонова, Н.Абдувоитов (видео), У.Тўхтаев (монтаж) ӨзА