Пакистанда “Шавкат Мирзиёев – реформалар ҳәм регионаллық интеграцияның уллы жетекшиси” китабының презентациясы өткерилди

Өзбекстан елшиханасы Исламабад стратегиялық изертлеўлер институты (ISSI) менен биргеликте пакистанлы белгили эксперт, “Қубла Азия изертлеўлери ҳәм халықаралық қатнасықлар” таллаў орайының атқарыўшы директоры Маҳмуд ул-Ҳасан Ханның “Шавкат Мирзиёев – реформалар ҳәм регионаллық интеграцияның уллы жетекшиси” (Shavkat Mirziyoyev: Great Leader of Reforms and Regional Integration”) атамасындағы китабының презентация мәресимин өткерди.
Усы мәмлекеттиң миллий мийрас ҳәм мәденият федерал министри Аврангзеб Хан Кичий тийкарғы мийман сыпатында қатнасқан илажға министрликлер, уйымлардың басшылары, парламент палаталарының ағзалары, Исламабадтағы дипломатиялық корпус ўәкиллери, бизнес ҳәм илимий-академиялық топарлар, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери, сондай-ақ, Исламабад ҳәм қалаға тутас аймақларда жасайтуғын ўатанласлар ҳәм кең жәмийетшилик қатнасты.
Презентацияны ISSI бас директоры Суҳайд Маҳмуд қутлықлаў сөзи менен ашты.

Ол бул академиялық илаж институттың имаратында шөлкемлестирилгенинен қуўанышлы екенин, бул барған сайын жеделлесип атырған шериклик руўхына сәйкес келетуғынын атап өтти.
ISSI басшысы китаптың әҳмийетине тоқтап өтип, бир-бирин мазмуны бойынша толықтыратуғын, логикалық избе-изликте жайластырылған 39 түрли темадағы аналитикалық материаллар арқалы Өзбекстанда сиясий, саўда-экономикалық, социаллық, мәдений тараўларда алып барылып атырған реформалар ҳәм модернизация процеси, ашық-айдын, прагматикалық сыртқы сиясаттың мәниси ашып берилгенин атап өтти.
– 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳәм басқа да концептуаллық ҳүжжетлерде халықтың ертеңги күнге болған исеними, ерк-ықрары, Ҳүкиметтиң мәмлекетти раўажландырыўға байланыслы әҳмийетли басламалары, социаллық мәмлекет қурыў принципи қамтып алынған,- деди С.Маҳмуд. – Бул китапта усы ҳүжжетлердиң мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети толық сәўлелендирилген.
Елши Алишер Тўхтаев қысқа ўақыт ишинде Исламабадда Өзбекстан ҳаққында еки әҳмийетли китап – 16 октябрьде Муҳаммад Аббос Ханның “Uzbekistan: The Third Renaissance – The Concept of the Future” ҳәм енди Маҳмуд ул-Ҳасан Ханнинг “Shavkat Mirziyoyev: Great Leader of Reforms and Regional Integration” атамасындағы шығармаларының кең жәмийетшиликке усынылғаны Пакистан илимий-академиялық топар ўәкиллери арасында мәмлекетимизге қызығыўшылық артып атырғанынан дерек беретуғынын атап өтти.

“Маҳмуд ул-Ҳасан Хан шығармасында Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында елимизде артқа қайтпайтуғын процесс – макроэкономикалық реформалар, финанслық либералластырыў, кәмбағаллықты қысқартыў, сыртқы сиясат, мәдений дипломатия ҳәм регионаллық интеграция сыяқлы мәселелер ҳәр тәреплеме сәўлелендирилген, – дейди елшимиз. – Өзбекстан басшысының сөзи менен айтқанда, “реформалар статистика ушын емес, инсан қәдири, абырайы ҳәм келешеги ушын” принципине сүйенгени, “Жаңа Өзбекстан” идеясын турмысқа енгизиў әмелий стратегияға айланғаны, санлы экономика, “жасыл” энергетика, сырт ел инвестициясын тартыў ҳәм жаслар ушын жаңа жумыс орынларын жаратыў бағдарында салмақлы жетискенликлерге ерисилип атырғаны терең талланған.
Дипломатиялық миссия басшысы, сондай-ақ, Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Пакистан Бас министри Шаҳбоз Шариф қәўендерлигинде еки мәмлекеттиң стратегиялық шериклиги сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилгенин атап өтти. Тәреплер Орайлық ҳәм Қубла Азияны байланыстыратуғын стратегиялық жойбарлар, соның ишинде, Трансаўған темир жолын қурыў үстинде избе-из бирге ислесип атырғаны, өз-ара саўданы 2 миллиард долларға жеткериў бойынша илажлар ислеп шығылып атырғаны атап өтилди.

Министр Аврангзеб Хан Кичий елимизде әмелге асырылып атырған реформалар процесин, жәмийетлик турмысты жаңалаў, халықтың абаданлығын арттырыў, социаллық бағдарланған сиясатты және де беккемлеўди “Раўажланыўдың Өзбекстан модели”, – деп атады.
– Ташкентке сапарым ўақтында реформалардың нәтийжесине тиккелей гүўа болдым, – деди хызметкер. – Биз глобаллық дүньяда жасап атырмыз. Әлбетте, қоңсылас регион, атап айтқанда, Өзбекстандағы унамлы ўақыя бизде де өз көринисин табады. Өз-ара саўданы басқышпа-басқыш арттырыў, системалы қоспа жойбарлар арқалы болса бир-биримизге және де жақынласамыз. Пакистан ҳүкимети бул процессте Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламаларын жоқары қәдирлейди.
Автор Маҳмуд ул-Ҳасан Хан өз гезегинде китапты жазыўдан тийкарғы мақсет Өзбекстанда мәмлекет басшысы басшылығында әмелге асырылып атырған реформалардың мазмун-мәнисин ашып бериў, бул ҳәрекетлердиң регионаллық бирге ислесиў ҳәм интеграция процесине тәсирин илимий таллаў, Пакистан жәмийетшилигиниң бул процесстен хабардарлығын арттырыў екенин атап өтти.
– Өзбекстан жетекшисиниң Трансаўған темир жолы ҳәм энергетика жойбарлары бағдарындағы басламалары Орайлық ҳәм Қубла Азияны қайта байланыстыратуғын стратегиялық интеграциялық платформаны жаратты, – деди ол. – Бул жойбарлар регионлараралық транспорт-логистика системасы ҳәм экономикалық байланысларды күшейтиўге де хызмет етпекте.
Әнжуманда шығып сөйлеген басқа экспертлер де Президент Шавкат Мирзиёевти мәмлекет ишинде реформалар процесин басқарып атырған, регионда болса интеграция идеясын алға қойып, әмелиятқа енгизип атырған заманагөй басшы сыпатында баҳалады. Бул китап Өзбекстанның алдынғы тәжирийбесин ен жайдырыў менен бирге еки халықтың дослығы ҳәм өз-ара байланыслылығын буннан былай да беккемлеўге хызмет ететуғыны атап өтилди.
Саид Амир Холид Жаффрий, “Қубла Азия изертлеўлери ҳәм халықаралық қатнасықлар” таллаў орайының басшысы:
– Кейинги ўақытта Пакистанда Өзбекстан менен байланыслы илажлардың көбейгени еки тәреплеме қатнасықта жаңа басқыш басланып, өз-ара қызығыўшылық артқанынан дерек береди.
2016-жылы ярым жабық, регионаллық интеграция процесине кемирек қатнасатуғын мәмлекет басқарыўына келген Шавкат Мирзиёев өзиниң сыртқы сиясатының дәслепки басқышында Орайлық Азиядағы мәмлекетлераралық қатнасықларда исеним ҳәм бирге ислесиўди беккемлеў, кейин ала болса Қубла Азия менен өз-ара байланыслылықты қайта тиклеў бағдарында исенимли ерк-ықрар көрсетти. Мәмлекет ишинде социаллық бағдарланған экономикалық реформаларға тийкарғы итибар қаратылып, бәсекиге шыдамлы, заман талабы дәрежесинде жетилистирилип атырған миллий раўажланыў системасы қәлиплестирилди. Президенттиң жаңаша сиясаты нәтийжесинде мәмлекет жаслары дүнья көлеминде илимий-академиялық, илим, мәденият, спорт, көркем өнер, заманагөй технология сыяқлы әҳмийетли тараўларда үлкен жетискенликлерди қолға киргизбекте. Сөз ҳәм ҒХҚ еркинлиги бағдарында да унамлы өзгерислер бақланбақта. Ерисилип атырған үлкен нәтийжелердиң артында Президенттиң мәмлекетлик басқарыўдағы көп жыллық тәжирийбеси, соның ишинде, 2 ўәлаятқа ҳәкимлик, 13 жыл ҳүкиметти басқарыў даўамында алып барылған терең бақлаўлары, мәмлекеттиң машқалаларын иш-ишинен жақсы түсиниўи ҳәм сезиниў қәбилети жатыр.
Адам Сауд, Бахрия университети деканы:
– Орайлық Азия, соның ишинде, Өзбекстан ҳаққында пикир билдириў адамға бәрқулла үлкен жуўапкершилик жүклейди. Ҳәр сапары Өзбекстанға барғанымда үлкен өзгерислердиң гүўасы боламан. Бул қуўанышлы, әлбетте. 2017-жыл усы мәмлекеттиң сыртқы сиясатындағы өзгерислер тийкарында жақын келешекте ерисилетуғын нәтийжелер ҳаққында прогноз-мақала жазғанман. Бүгинги күнге келип, сол мақалада келтирилген болжаўлардың 85 проценти ҳақыйқатқа айланды. Қалғанлары бойынша да қызғын жумыс даўам етпекте.
Ғ.Хонназаров таярлады. ӨзА