Әмелий ҳәрекетлер ҳәм санлы реформалар медицинаны халыққа және де жақынластырмақта

145

Президенти Шавкат Мирзиёев 10-ноябрь көни Ташкент мәмлекетлик медицина университетине барып, мәмлекетимиз денсаўлықты сақлаў системасын санластырыў, медицина мәкемелеринде хызметлердиң сапасын арттырыў ҳәм медициналық билимлендириўди жетилистириў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар презентациясы менен танысты.

Соңғы жылларда медицина тараўының өзине 230 триллион сум қаратылды. Оның есабынан орынларда 187 жаңа поликлиника ҳәм емлеўхана иске қосылды, 1 мың  244 реконструкцияланып, үскенеленди.

Медицинадағы бул өзгерислерди миллионлаған адамларымыз өз турмысында сезинбекте, халықаралық шөлкемлер тәрепинен тән алынбақта.

Соңғы жыллары елимиздиң медицинасында алдыңғы технологиялар енгизилип, билимлендириў процесслеринде де кеңнен қолланылмақта. Атап айтқанда, үш жоқары билимлендириў мәкемеси негизинде Ташкент мәмлекетлик медицина университети шөлкемлестирилди. Үргенш мәмлекетлик медицина институтының жумысы жолға қойылды. Сегиз медициналық жоқары билимлендириў мәкемеси халықаралық аккредитациядан өтти. Бул тараўда заманагөй билим ҳәм көнликпелерге ийе кадрлар таярлаў имканиятлары және де кеңейди.

Ташкент мәмлекетлик медицина университетинде инфраструктураның жақсыланыўы нәтийжесинде билим алыўшылардың саны 29 мың 864 ке жетти. Оқыў процесслери ең заманагөй талаплар дәрежесине көтерилди, санластырыў жедел даўам етпекте.

Денсаўлықты сақлаў системасын санластырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелери ҳаққында мәлимлеме берилди. Елимиз бойлап мәмлекетлик медицина мәкемелери заманагөй мәлимлеме-коммуникация үскенелери менен тәмийинленди, бирден-бир санлы инфраструктура қәлиплестирилди.

2024-2025-жылларда 3 мыңнан аслам медицина мәкемеси локал тармақ пенен тәмийинленди. Мыңлаған жаңа компьютерлер сатып алынып, техникалық база жаңаланды.

Президентимизге DMED бирден-бир электрон мәлимлеме системасының имканиятлары да таныстырылды. Бул система арқалы 36 миллионнан аслам пуқараның медициналық мағлыўматлары бирден-бир базада жәмленди. Тез медициналық жәрдем хызметинде электрон басқарыў жолға қойылып, шақырықларға жетип барыў ўақты 25-30 минуттан 10-15 минутқа шекем қысқартылды. Жақын келешекте “Online – шыпакер” хызмети енгизилип, халыққа аралықтан медициналық мәсләҳәт бериў имканияты жаратылады.

Сондай-ақ, “Электрон рецепт” системасының жумысы жолға қойылыўы нәтийжесинде артықша дәри жазыў жағдайлары 40 процентке азайды, дәри-дәрмақлар айланысы ашықласты. Барлық медициналық мағлыўматлар биометрикалық қорғаў астында сақланып, жеке мағлыўматлардың қәўипсизлиги тәмийинленбекте.

– Заманагөй медицина мәкемелерин қурып атырмыз, тараўда жасалма интеллектти енгизип атырмыз, алдынғы үскенелерди алып келип атырмыз. Бул өзгерислер ең төменги буўынға шекем жетип барыўы зәрүр. Әҳмийетлиси, ҳәр бир медицина хызметкериниң маманлығын арттырыў, заманагөй билим ҳәм көнликпелер менен тәмийинлеўге итибар қаратыўымыз керек. Сонда ғана ҳәрекетлеримиз нәтийже береди, – деди Президент.

“Санлы денсаўлықты сақлаў орайы”ның жумысы ҳаққында да мәлимлеме берилди. Онда барлық медицина мәкемелериниң жумысы реал ўақыт режиминде бақланып, созылмалы кеселликлер ҳәм халықтың саламатлығы көрсеткишлери талланбақта.

Президентимиз медицина системасының санластырылыўы наўқаслар ушын қолайлылық, шыпакерлер ушын нәтийжелилик, мәмлекет ушын болса ашық-айдынлық ҳәм үнемлиликти тәмийинлеў ушын әҳмийетли екенин атап өтип, бул жумысларды жедел даўам еттириўди тапсырды.

Сапар даўамында университеттеги заманагөй билимлендириў орталығы ҳәм жасалма интеллект жәрдеминде жумыс алып барып атырған оқыў лабораториялары менен танысты. Реанимация, шаңарақлық поликлиника, қыстаўлы жәрдем, операция, педиатрия, акушерлик ҳәм терапия бойынша симуляциялық ханаларда студентлер әмелият арқалы билим ҳәм көнликпелерин беккемлемекте. Оның ушын жаратылған шараятлар ҳәм келешектеги режелер ҳаққында толық мәлимлеме берилди.

Президент Шавкат Мирзиёев медицинаны халыққа жақынластырыў, хызметлердиң сапасын арттырыў, бул процессте алдынғы усыллар менен технологияларды қолланыўды буннан былай да кеңейтиў бойынша жуўапкер адамлардың алдына анық ўазыйпалар қойды.

9-ноябрь күни Президент Шавкат Мирзиёев Медицина хызметкерлери күни мүнәсибети менен тараў хызметкерлеринен бир топарын сыйлықлаў ҳаққындағы пәрманға қол қойған еди.

Ташкент мәмлекетлик медицина университетинде мәмлекетимиздиң жоқары атақ, орден ҳәм медальларына ийе болған тараў ўәкиллерине сыйлықларды тапсырыў мәресими болып өтти.

Олардың арасында дүньяның абырайлы жоқары оқыў орынларында билим ҳәм тәжирийбе алып, елимизге қайтып келип ислеп атырған, жоқары технологиялық емлеўлерди әмелге асырып атырған жас шыпакерлер, халқымыздың саламатлығын сақлаўда жақыннан жәрдем берип атырған сырт елли шериклер де бар.

Мәмлекетимиз басшысы елимизде экономиканы турақлы раўажландырыў, адамларды жумыслы ҳәм дәраматлы етиў, жасларға заманагөй билим ҳәм тәрбия бериў, халқымыздың саламатлығын беккемлеў бойынша реформалар жедел алып барылып атырғанын атап өтти.

Нәтийжеде басланғыш медицина мәкемелериниң қуўатлылығы 60 процентке артып, медициналық хызмет халыққа бираз жақынласты. Бурын тийкарынан пайтахтта орынланған жоқары технологиялық ҳәм диагностика-емлеў усылларының 400 ден асламы аймақларда әмелге асырылмақта. Жүзлеген қурамалы операциялар ўәлаят орайларына, аз инвазивли операциялар болса район дәрежесине түсирилди.

– Биринши мәрте 45 районда бөтеке көширип өткериў әмелияты жолға қойылғаны инсан саламатлығы бағдарындағы жумысларымыздың анық әмелий тастыйығы болып есапланады, – деди Президентимиз. – Елимизде орташа өмир сүриў даўамлылығы ер адамлар арасында 71 жастан 73 жасқа, ҳаял-қызлар арасында болса 76 жастан 77,5 жасқа узайғаны сизлер менен ерискен үлкен жетискенлигимиз, десем дурыс болады. Әлбетте, машақатлы мийнет жемиси болған бундай ийгиликли жумысларда 600 мыңнан аслам жанкүйер медицина хызметкерлериниң мүнәсип үлесин атап өтип, ҳәр қанша рахмет айтсақ, арзыйды.

Президентимиз мәмлекетлик сыйлықларды салтанатлы түрде тапсырып, сыйлықланғанларды пүткил халқымыз атынан қутлықлады.

Буннан соң, Президент Шавкат Мирзиёев медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлери менен ушырасыў өткерди.

Мәмлекетимиз басшысы жыйналғанларды Медицина хызметкерлери күни менен қызғын қутлықлап, барлық шыпакер ҳәм мийирбийкелер, тараў қәнигелерине өзиниң терең ҳүрмети ҳәм жақсы тилеклерин билдирди.

Фармацевтика тараўының заманагөй медицинадағы орнын есапқа алып, буннан былай бул байрамды “Медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлери күни” сыпатында белгилеў усыныс етилди.

Ушырасыўда өз шешимин күтип турған мәселелер талланып, жаңа ўазыйпалар ҳәм имканиятлар белгилеп алынды.

Қәнигелескен орайларға соңғы бес жылда 7,5 триллион сум қаржы берилип, олар мыңлаған ең заманагөй үскенелер менен тәмийинленди. Соған қарамастан, үскенелердиң қуўатлылығынан тек ғана 25 процент пайдаланылып атырғаны көрсетип өтилди.

Санластырыў, сырт елден бирге ислесиўшилер табыў, клиникалық протоколларды жаңалаў, алдынғы диагностика, профилактика ҳәм емлеўди еплейтуғын заманагөй жәмәәтти қәлиплестириў барлық медицина орайлары, ўәлаятлық, районлық денсаўлықты сақлаў басқармалары ҳәм бөлимлериниң биринши гезектеги ўазыйпасы болыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.

Қайсы мәҳәлледе, районда қандай кеселлик көбейген ямаса азайғанын таллап, олардың алдын алыў ҳәм нәтийжели емлеў бойынша анық реже менен ислеў, республикалық орайлар бундай таллаў ҳәм қатнас пенен төменде жумысты шөлкемлестириў, үлкен қаржы есабынан алып берилген ең заманагөй үскенелерден нәтийжели пайдаланыў ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли екени атап өтилди.

– Бүгин адамлардың турмысқа мүнәсибети де, талап ҳәм мүтәжликлери, дүньяқарасы да түп-тийкарынан өзгерди. Бул басқа тараўлар қатарында медицинада да сапаны арттырыў, заманагөй көзқарасларды алып кириў бойынша алдымызға жаңа ўазыйпаларды қоймақта. Соның ушын, медицинада халықтың баҳасын еситетуғын системаны енгиземиз, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Енди 26 орайдың директорлары, ўәлаятлық, районлық денсаўлықты сақлаў басшылары, шаңарақлық поликлиника баслықлары бир айлық анық реже тийкарында ислеўге өтеди.

Орай басшылары өз тараўында ең аўыр район ҳәм мәҳәллеге барады. Бир ай қалып, кеселликлердиң себеплерин үйренип, оларға шешим береди, шаңарақлық поликлиника ҳәм районлық емлеўханалардың шыпакерлерин кеселликти емлеўге үйретеди.

Буннан былай ўәлаятлық ҳәм районлық денсаўлықты сақлаў басшыларының күнлик қабыллаўы мәҳәлледе болады.

Ҳәр бир ўәлаятлық, районлық медицина басшысы, бас шыпакер ҳәм поликлиника баслығы наўқасқа итибарлы болып, дәртине шыпа излеп келген ҳәр бир адамның жумысы тез питкерилиўи ушын барлық шараятларды жаратыўы шәрт екенлиги атап өтилди.

Жаңа жылдан 26 орай директорлары, ўәлаятлық ҳәм районлық денсаўлықты сақлаў басшылары, шаңарақлық поликлиника баслықларын лаўазымға қойыўда жаңа тәртип енгизиледи.

Онда барлық медицина мәкемелеринде басшы ҳәм бас шыпакер лаўазымлары бир-биринен ажыратылады. Оларға басшылар менеджерликке оқыған, жақсы нәтийжелер көрсеткен исбилерменлер арасынан тайынланады.

Басшыларды хошаметлеў системасы да өзгертиледи.

Ең үлгили ўәлаятлық, районлық денсаўлықты сақлаў бөлимлериниң басшылары ҳәм шаңарақлық поликлиниканың баслықларына “Өзбекстанда хызмет көрсеткен медицина хызметкери” атағы, орден ҳәм медальлар, 30 миллион сумнан ақшалай сыйлық бериледи. Олар басшылық етип атырған емлеўхана ҳәм поликлиниканың инфраструктурасын жақсылаўға 500 миллион сумнан ажыратылады.

Ҳәр бир ўәлаятта ең жақсы 2 районның денсаўлықты сақлаў бөлиминиң баслығы ҳәм шаңарақлық поликлиника баслығы АҚШ, Германия, Уллы Британия, Корея, Түркия сыяқлы медицинасы раўажланған мәмлекетлерге басқарыўшылыққа оқытыў ушын жибериледи.

– Медициналық билимлендириўдеги реформаларымызды даўам еттирип, шаңарақтың барлық жастағы ағзаларына маман медициналық хызмет көрсете алатуғын шаңарақлық шыпакерлик институтын раўажландырыўымыз зәрүр, – деди Президент.

Келеси оқыў жылынан медицина жоқары оқыў орынларының бакалавриат басқышында педиатрия ҳәм емлеў бағдарларын өз ишине алған улыўма медицина факультети ашылатуғыны жәрияланды. Оларда шаңарақлық шыпакерлик қәнигелиги бойынша резидентура ҳәм магистратура да жолға қойылады.

Резидентурада билим алып атырған студентлер бийпул оқыў менен бирге шаңарақлық шыпакер сыпатында ислеп, айлық алады. Резидентура питкериўшиси шаңарақлық шыпакерлик бойынша тар тараў дипломы ҳәм 150 процентлик үстеме алады.

Медицина жоқары оқыў орынларының бакалавриат басқышында студентлердиң фундаментал ҳәм клиникалық пәнлер бойынша билими баҳаланады. Резидентураны тамамлаған шыпакерлер болса қәнигелиги бойынша имтиханнан өткериледи. Буннан кейин қәниге мәмлекетлик дизимнен өтеди ҳәм оған медициналық жумыс алып барыўға руқсат бериледи.

Енди әпиўайы емлеўди ислейтуғын емес, диагноз, емлеў ҳәм профилактикада шыпакерге жәрдемши болатуғын мийирбийкелерди таярлаўға өтиў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди. Буның ушын Мийирбийкелер академиясы Ташкент мәмлекетлик медицина университетиниң қарамағына өткерилип, оның негизинде Жоқары кәсиплик медицина академиясы шөлкемлестириледи.

Келеси жылдан барлық медицина жоқары оқыў орынларында жоқары мийирбийкешилик иси бағдары ашылады ҳәм квота 2 есеге, 2027-жылдан болса кеминде 20 процентке арттырып барылады.

Жоқары мағлыўматқа ийе, шыпакер менен бирге туратуғын бундай мийирбийкелердиң мийнети мүнәсип хошаметленеди. Келеси жылдан жоқары мағлыўматлы мийирбийкелердиң мийнет ҳақысына 100 процент үстеме бериледи.

Соның менен бирге, орта мағлыўматлы мийирбийкелерди таярлаў системасы да өзгертиледи.

Бүгинги дәўир шыпакери заманагөй технология, емлеў ҳәм диагностика усылларынан хабардар болыўы, өз үстинде турақлы ислеўи шәрт екенлиги атап өтилди.

Сол себепли, медицина хызметкерлериниң маманлығын үзликсиз арттырып баратуғын жаңа система болады. Келеси жылдан қәнигелик арттырыўдың аралықтан, робот-симулятор, әмелий, жумыс орнында еркин таярлық сыяқлы түрлери жолға қойылады. Қәнигелик арттырыў талапларын ҳәм баҳалаў нормаларын ислеп шығыў менен шуғылланатуғын Үзликсиз кәсиплик медициналық билимлендириў орайы шөлкемлестириледи.

Президентимиз ҳәзирги ўақытта медициналық хызметлердиң 30 проценти жеке меншик сектор тәрепинен көрсетилип атырғаны, алдыңғы басламалар да олардан шығып атырғаны қуўанышлы жағдай екенин атап өтип, олардың жеке меншик шерикликти кеңейтиў бойынша барлық усынысларын көрип шығыўға таяр екенин билдирди.

Келешекте де медицинада жеке меншик секторды қоллап-қуўатлаў ҳәм оларға қосымша шараятлар жаратыў даўам еттирилетуғыны атап өтилди.

Атап айтқанда, келеси жылдан медициналық үскене, инвентарь ҳәм тез жәрдем машиналарын алып келиў бойынша жеңиллик 3 жылға созылады.

Улыўма аўқатланыў кәрханаларына ҚҚСтың бир бөлегин қайтарыў бойынша берилген жеңиллик жеке меншик медицина шөлкемлерине де қолланылады. Заманагөй көп тармақлы клиникаларды шөлкемлестириў ҳәм оларды үскенелеў ушын исбилерменлерге 200 миллион долларлық жеңиллетилген ресурс ажыратылады.

Президентимиз күни кеше қол қойылған “Медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлерин қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында”ғы қарарында сәўлеленген қосымша жеңилликлерди жәриялады.

Ушырасыўда тараў ўәкиллери менен пикирлесиў болып өтти, олардың усыныслары, пикир-усыныслары тыңланды.

– Мен шыпакер ийниндеги ақ липасты тек ғана кәсип белгиси емес, ал Ўатанға шексиз садықлық тымсалы деп билемен. Буннан былай да шыпакердиң, ҳәр бир медицина хызметкериниң абырайын қорғаў, оған ҳәр тәреплеме мүнәсип шараят жаратыў итибарымыз орайында болады. Биз биргеликте Жаңа Өзбекстанды басқа да тараўлар қатарында медицинасы да раўажланған мәмлекетке айландыратуғынымызға исенемен, – деди Президентимиз ушырасыў жуўмағында.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Икром АВВАЛБОЕВ,

ӨзА