Филиал делегациясының илимий сапары жаңа бирге ислесиў есиклерин ашты

Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалының делегациясы Қытай Халық Республикасының Синцзян-Уйғур автоном районының орайы Урумчи қаласында өткерилген халықаралық илимий семинар ҳәм “Қытай – Орайлық Азия” 12-форумында белсене қатнасты.
Илажлар Шинжон аўыл хожалығы университети тәрепинен шөлкемлестирилген болып, ол Орайлық Азия ҳәм Қытай арасында илимий бирге ислесиўди раўажландырыў, тәжирийбе алмасыў ҳәм биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўға қаратылған.
Семинарда делегация басшысы, филиал директоры А.Есимбетов шығып сөйлеп, Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы дослық байланыслар ҳәм билимлендириў, илимий бирге ислесиўдиң жаңа басқышқа көтерилип атырғанын атап өтти.
Семинар даўамында аўыл хожалығы, шарўашылық, ҳайўанлар саламатлығы, азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм биотехнологиялар бағдарындағы илимий темалар ҳәр тәреплеме додаланды. Қатнасыўшылар ушын лаборатория көргизбелери, әмелий сабақлар ҳәм тәжирийбе алмасыў сессиялары шөлкемлестирилди. Профессор А.Есимбетов “Қарақалпақстанда аўыл хожалығын раўажландырыў арқалы кәмбағаллықты қысқартыўдың табыслы модельлери ҳәм көзқараслары” атамасында илимий баянат жасады. Изертлеўлерге тийкарланған баянат тек ғана аймақлық аграр реформалардың нәтийжелерин ашып бермей, ал келешектеги инновациялық жойбарлар ҳәм биргеликтеги илимий басламаларды алға қойыў имканиятын жаратты.
Делегация Шинжон аўыл хожалығы университетиниң заманагөй ветеринария клиникасы ҳәм илимий-изертлеў лабораторияларының жумысы менен де жақыннан танысты. Делегация “Қытай – Орайлық Азия” бирге ислесиў форумы шеңберинде халықаралық экспертлер, жоқары билимлендириў мәкемелериниң делегациялары ҳәм илимий топарлардың ўәкиллери менен бир қатар ушырасыўлар өткерди. Ушырасыўларда биргеликтеги илимий басламаларды кеңейтиў, аўыл хожалығы инновациялары, ветеринария бағдарында илимий алмасыў, лаборатория әмелиятларының сапасын арттырыў ҳәм академиялық мобильлик бағдарламаларын раўажландырыў мәселелери додаланды.
Сондай-ақ, Шинжон аўыл хожалығы университети президенти менен де ушырасыў өткерилип, еки жоқары оқыў орны арасындағы бирге ислесиўдиң әмелий тәреплери бойынша пикир алысыўлар болды.




– Урумчидеги сапар ҳәм ушырасыўлар СамВМШБУ Нөкис филиалы ҳәм Шинжон аўыл хожалығы университети арасында қол қойылған бирге ислесиў меморандумына муўапық әмелге асырылды. Бул меморандум еки жоқары оқыў орны арасындағы илимий байланысларды беккемлеў, биргеликтеги изертлеўлер, алмасыўлар ҳәм әмелият бағдарламаларын жаңа басқышқа алып шығыўды нәзерде тутады. Бул сапар етиў филиалдың халықаралық майдандағы абырайын арттырды, студентлер ҳәм илимпазлар ушын жаңа илимий ҳәм әмелий имканиятлар жаратты, сондай-ақ, келеси жылларда биргеликтеги изленислер, илимий жойбар ҳәм лабораториялық әмелиятлардың нәтийжелилигин арттырыўға тийкар салды, – дейди профессор А.Есимбетов.
Меморандум тийкарындағы бирге ислесиў филиалдың илимий интеграциясын жаңа басқышқа алып шықты, регионаллық ҳәм халықаралық бирге ислесиўде әҳмийетли перспективаларды ашты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги