Мыңнан аслам көшип жүриўши түр жоғалып кетиў қәўпи астында

49

10-ноябрь – Көшип жүриўши ҳайўанлар күни

Жер планетасындағы ҳәр бир жанзат, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясы ана тәбияттың, экосистема пүтинлигин қурайды. Соның ишинде, ҳайўанлардың көшип жүриўши түрлери планетамыз экосистемаларының ажыралмас бөлеги болып есапланады. Бирақ соңғы ўақытлары Жер шарында жүз берип атырған экологиялық машқалалар – климаттың өзгериўи, тоғайлардың, жайлаўлардың қысқарыўы, суў тамтарыслығы, шөллениў сыяқлы машқалалар бул түрдеги ҳайўанларға қәўип туўдырмақта.

Көшип жүриўши ҳайўанлар күни болса инсаниятты Жер жүзинде еркин саяхат етип атырған, бирақ инсан искерлиги себепли барған сайын қәўип астында қалып атырған ҳайўанлар ҳаққында ойлаўға шақырады.

1979-жылы Германияның Бонн қаласында Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Жабайы ҳайўанлардың көшип жүриўши түрлерин сақлаў бойынша Конвенциясына қол қойылған ҳәм 1983-жылы күшке кирген. Бул Конвенцияға 133 мәмлекет ағза.  Соның ишинде, Өзбекстан да 1998-жылы усы Конвенцияға қосылған.

БМШтың бул ҳүжжети көшип жүриўши ҳайўанлар өтетуғын мәмлекетлерди, полигон штатларын бирлестиреди, халықаралық көлемде келисилген тәбиятты қорғаў илажлары ушын ҳуқықый тийкар жаратады.

Көшип жүриўши ҳайўанлар мәўсимлерге, азықлық ямаса көбейиў орынларына қарап мыңлап километр жол басып өтетуғын жәнликлер болып табылады. Олар арасында қуслар, китлер, дельфинлер, кийиклер, антилопалар ҳәм ҳәтте, гүбелеклер де бар. Ҳәр бир саяхат өмир ушын гүрес.

Тилекке қарсы, мағлыўматларға бола, бүгин мыңнан аслам көшип жүриўши түр жоғалып кетиў қәўпи астында. Оған тәбийғый жасаў орынларының қысқарыўы, климат өзгериўи, жоллар, электр тармақлары ҳәм урбанизация, пластикалық шығындылар ҳәм суўдың патасланыўы сыяқлы факторлар себеп болмақта.

Өзбекстанда да ҳәр жылы тырналар, фламинголар, ләйлеклер узақ аралықларды басып өтеди. Бирақ олардың саны кем-кемнен азаймақта. Бул болса ескертиў болыўы мүмкин.

Көшип жүриўши ҳайўанлар туқымларды тарқатады, жәнликлер санын нормада услап турады, суў ҳәм жер экосистемаларын байланыстырады, бир сөз бенен айтқанда, биологиялық ҳәр түрлиликти сақлаўда әҳмийетли орын ийелейди. Олардың азайыўы ямаса жоқ болып кетиўи тәбияттағы тең салмақлылықтың бузылыўына, биокөптүрлиликтиң жоғалыўына алып келеди. Солай екен, тәбияттың әҳмийетли бөлеги болған ҳайўанларды сақлаў, оларға зыян жеткермеў инсанияттың тәбият ҳәм ҳайўанат дүньясы алдындағы әҳмийетли ўазыйпасы болыўы лазым.

Муҳтарама Комилова, ӨзА