Президенттиң АҚШқа сапары еки тәреплеме қатнасықларды жаңа басқышқа алып шығыўда әҳмийетли қәдем болды

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң АҚШқа әмелге асырған сапары шеңберинде АҚШ Конгреси Ўәкиллер палатасының ағзалары менен өткерилген ушырасыўлар мәмлекетлеримиз арасындағы стратегиялық шериклик байланыслары избе-из ҳәм мақсетли раўажланып атырғанын тастыйықлады.
Сенаттың Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитети Қутбиддин Бурхонов бул ҳаққында өз пикирлери менен ортақласты:

– Конгрессте Өзбекстан менен бирге ислесиў бойынша кокус жумысының избе-из кеңейип атырғаны атап өтилди. Ҳәр жылы шөлкемлестирилип атырған “Өзбекстан күнлери” әнжуманы, нызам шығарыўшы уйымлар ҳәм депутатлар арасындағы сапарлар ҳәм додалаўлар еки тәреплеме қатнасықларды әмелий мазмун менен байытыўға хызмет етпекте.
Ушырасыўларда саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди тереңлестириў, санаат кооперациясы, инновациялық өндирис ҳәм аўыл хожалығы тараўларында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша әҳмийетли усыныс ҳәм басламалар алға қойылды.
Атап айтқанда, Батыс Вирджиния, Мичиган ҳәм Калифорния сыяқлы штатлар менен аймақлараралық байланысларды кеңейтиў мәселесиниң қойылғаны оғада әҳмийетли. Бул бағдардағы бирге ислесиў өндирис шынжырларын байланыстырыў, технология ҳәм тәжирийбе алмасыў, биргеликтеги кәрханалар шөлкемлестириў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыўға хызмет етеди.
Соның менен бирге, мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм билимлендириў және академиялық алмасыў бағдарламаларын хошаметлеў бойынша да қосымша имканиятлар бар. Бул жас әўладты өз-ара түсинисиў ҳәм дослық руўхында тәрбиялаўда әҳмийетли фактор.
Ушырасыў жуўмағында АҚШ Конгреси делегациясының Өзбекстанға сапарын әмелге асырыў, сондай-ақ, еки мәмлекет аймақлары басшылары ҳәм исбилермен топарлары арасында турақлы ушырасыўлар шөлкемлестириўге келисип алынғаны қатнасықлардың келешектеги перспективасын және де беккемлейди.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң сапары еки тәреплеме қатнасықларды жаңа басқышқа алып шығыўда әҳмийетли қәдем болды. Биз парламент дәрежесинде бул процессти толық қоллап-қуўатлаймыз ҳәм биргеликте әмелий нәтийжелерге ерисемиз.
Н.Абдураимова, ЎзА