Санлы медицина-наўқас ҳәм шыпакер арасындағы көпир

Инсан саламатлығы – жәмийет байлығы, мәмлекет раўажланыўының тийкары. Соңғы жылларда елимизде денсаўлықты сақлаў системасын реформалаў, халыққа заманагөй медицина усылларын енгизиў ҳәм сапалы медициналық хызмет көрсетиўди тәмийинлеў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Халықтың саламатлығын беккемлеў, медицина мәкемелерин қәўипсиз ҳәм сапалы дәри-дәрмақлар, медициналық буйымлар менен тәмийинлеў, тараўға санластырыўды енгизиў бойынша алып барылып атырған илажлар өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте. Әлбетте, инсан саламатлығын қорғаўда медицина хызметкерлериниң орны айрықша.
Күни кеше елимизде кең түрде белгиленип өткен медицина хызметкерлери күни қарсаңында биз Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министри М.Қурбанов пенен тараўда әмелге асырылып атырған жумыслар дөгерегинде сәўбетлескен едик.
-Мурат Исмаилович, усы сәўбетимиз арқалы Сизди ҳәм Сиз арқалы республикамыздың барлық медицина хызметкерлерин кәсиплик байрамыңыз бенен қутлықлаймыз.
-Рахмет.
-Дүнья жүзинде тез пәт пенен раўажланып атырған медицинаның елимизде тийкарғы бағдарлары қандай? Тараўда соңғы ўақытларда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар нәтийжесинде республикамызда қандай нәттийжели жумыслар алып барылмақта?
-Ҳақыйқатында да бүгин дүнья жүзинде медицина тез пәт пенен алға илгерилеп бармақта. Бизиң мәмлекетимизде де ҳүрметли Президентимиздиң айрықша итибары менен басқа тараўлар қатарында медицина тараўы да заман менен теңдей қәдем басып, анағурлым дәрежеде раўажланып бармақта. Мәмлекетимиздеги медицина тараўында әмелге асырылып атырған реформалар, өзгерислер, илимий-теориялық ҳәм әмелий жаңаланыўлар өзиниң унамлы нәтийжелерин көрсетпекте. Тараў хызметкерлери халыққа сапалы медициналық хызмет көрсетиў, ана ҳәм бала саламатлығын қорғаў, халықты заманагөй патронаж хызмети менен қамтып алыў, ҳәр қандай кеселликтен саўалып кетиўин тәмийинлеў мақсетинде пидәкерлик пенен мийнет етпекте.
Президентимиздиң 2022-жыл 7-июльдеги “Қарақалпақстан Республикасында 2022-2024-жылларда халықтың саламатлығын қорғаўды буннан былай да жетилистириў ҳаққында”ғы қарарының орынланыўы шеңберинде медициналық хызметлердиң сапасы ҳәм қамтып алыўы артып бармақта. Атап айтқанда, Нөкис қаласында Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдемде медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалының жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылғаны, бул ғәрезсизлик жылларында Қарақалпақстанда “нольден” қурылған биринши көп тармақлы емлеўхана болды. Ол жерде наўқасларға медициналық жәрдем көрсетиў ушын барлық шараятлар жаратылған болып, тәжирийбели медицина хызметкерлери халқымыздың денсаўлығын сақлаўда нәтийжели жумыс алып бармақта.
Сондай-ақ, районларда да туўыў комплекси ҳәм перинатал орайларда туўыў жасындағы ҳаяллар, аналар ҳәм балалар ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылды. Қалалық ҳәм районлық медицина бирлеспеси қурамында барлық қолайлықларға ийе орайлық емлеўханалар, заманагөй медициналық үскенелер менен тәмийинленген тез медициналық жәрдем бөлими, көп тармақлы орайлық поликлиника, сондай-ақ, аймақларда аўыллық шаңарақлық поликлиникалар, шетки аўылларда болса мәҳәлле медицина пунктлери шөлкемлестирилген болып, халықтың саламатлығы аймақлық шыпакерлеримиз тәрепинен турақлы қадағалап барылмақта.
Республикалық қәнигелестирилген орайлардың аймақлық филиалларында 150 түрдеги жаңа технологиялар енгизилип, 2024-жылы 294 эндопротезлеў хирургиялық әмелияты, 137 Эндоурологиялық хирургиялық әмелият, Нөкис қаласы ҳәм районларда 1687 ҳәм республикалық медицина мәкемелеринде 1873 лапароскопиялық хирургиялық әмелият, 292 коронарография ҳәм 234 жүректе артерия коронар шунтлаў, 3 жүрек ашық операциясы, 4 бөтеке трансплантациясы әмелияты өткерилип, жылына 4500 наўқастың Ташкентке ҳәм сырт еллерге бармастан жасаў орнында жоқары медицналық жәрдем алыў имканияты жаратылды.
2025-жылдың усы күнине шекем болса 289 эндопротезлеў ҳәм 28 Артроскопиялық хирургиялық әмелият, 233 эндоурологиялық, 1706 лапароскоплық хирургиялық әмелият, 486 коронарография ҳәм 300 жүректе артерия коронар шунтлаў, 9 жүрек ашық хирургиялық әмелият, 2 бөтеке трансплантациясы әмелияты өткерилди.
Атап өтиў орынлы, Қарақалпақстанда 2017-2025-жылларда “Бир қәдем” принципи тийкарында 76 шаңарақлық шыпакерлик пункти, 89 шаңарақлық поликлиника, 87 мәҳәлле медицина пункти шөлкемлестирилди. Қәнигелестирилген орайлардың аймақлық филиалларында 150 түрдеги жаңа технологиялар енгизилди. Жылына 4500 наўқастың Ташкент ҳәм сырт елге бармастан жоқары медициналық жәрдем алыў имканияты жаратылды. Төрткүл, Қоңырат ҳәм Шымбай районларында қоспа жарақатлар ҳәм өткир қан-тамыр кеселликлери орайлары шөлкемлестирилип, наўқасларға районлардың өзинде қыстаўлы ҳәм қәнигели медициналық жәрдем көрсетилиўи тәмийинленди.
Жаңаша қатнасықлар тийкарында 944 медицина бригадасы шөлкемлестирилип, шаңарақлық шыпакердиң 40 процент жүклемеси орта медицина хызметкерлери тәрепинен орынланатуғыны белгиленди, белгили бир кеселликлер бойынша дәўирлик профилактикалық тексериўлер ҳәм медициналық скрининг тексериўлери өткерилиўи ҳәм универсал-прогрессив патронаж модели енгизилди.
Шаңарақлық шыпакерлик пунктлери, шаңарақлық ҳәм район (қала) лық көп тармақлы орайлық поликлиникаларда 1355 күндизги стационар орынлары шөлкемлестирилип, жумыс ўақты саат 20:00 ге шекем создырылды ҳәм оларда ислейтуғын медицина хызметкерлери ушын қосымша үстеме ҳақы төлеў белгиленди. Нәтийжеде наўқасларға басланғыш медицина-санитариялық жәрдем күндизги емлеўханасында үйинен ажыралмаған ҳалда емлениў имканияты жаратылды. Төрткүл, Қоңырат ҳәм Шымбай районларында қоспа жарақатлар ҳәм өткир қан-тамыр кеселликлери орайлары шөлкемлестирилип, бүгинги күнде жылына 8515 наўқасқа Нөкис қаласына барыўына шекем өз ўақтында қыстаўлы ҳәм қәнигели медициналық жәрдем көрсетилиўи тәмийинленбекте.
Президентимиздиң басламасы менен, тек ғана Қарақалпақстан Республикасында 6 жасар балалар арасында вируслы гепатит “А” кеселлигиниң алдын алыў мақсетинде бийпул режели шаншыў шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, бүгинги күнге шекем Ташкент қаласында өткерилип келинген айырым қурамалы хирургиялық операциялар енди усы жердиң өзинде өткерилмекте. Соның ишинде, жасалма қан айланыў аппараты арқалы наўқаслардың жүрегинде ашық хирургиялық операция өткерилмекте. Сондай-ақ, мультиспираль компьютер томографиясы, ультрасес, лаборатория үскенелери кеселликлерге ерте диагноз қойыў имканиятын бермекте.
– Тараўда алып барылып атырған қурылыс ислери нәтийжесинде халыққа медициналық хызметтиң сапасы қай дәрежеде артпақта?
– 2017-2025-жылларда Республикамыздағы 17 көп тармақлы орайлық поликлиникадан биреўи, 81 шаңарақлық поликлиникадан 26 сы, 74 шаңарақлық шыпакерлик пунктинен 9 ы, 38 республикалық ҳәм районлық дәрежедеги емлеўханалардан 31 и социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураны раўажландырыў бағдарламасы бағдары бойынша қайта оңланып тапсырылды. Буннан тысқары, 8 шаңарақлық шыпакерлик пункти ҳәм 19 шаңарақлық поликлиника оңланып, жумыс баслады. Тез медициналық жәрдем системасындағы автотранспорт қураллары паркин басқышпа-басқыш жаңалаў режесине тийкарланып тез медициналық жәрдем хызметин 95 жаңа тез медициналық жәрдем арнаўлы автотранспорт қураллары менен тәмийинленди. 175 орынлық Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм медициналық радиология илимий әмелий медицина орайы Қарақалпақстан филиалы имаратын жаңадан қурыў жойбары “Социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураны раўажландырыў бағдарламасы” на киргизилип, қурылыс жумыслары басланды.
– Санластырыў бойынша әмелге асырылған жумыслар қай дәрежеде?
– Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Денсаўлықты сақлаў системасын санластырыўды жеделлестириў ҳәм алдынғы санлы технологияларды енгизиў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы қарары тийкарында халқымызға көрсетилип атырған медициналық хызметлер сапалы ҳәм ҳәр тәреплеме қолайлы болыўы ушын, тараўдағы мәлимлеме системалары жетилистирилип, медицинада жаңа электрон платформалар иске қосылмақта.
Заманагөй санлы технологиялар Қарақалпақстан Республикасындағы мәкемелерге де кирип келди. Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги системасындағы жәми 224 мәкемеге, 18 Республикалық орай филиалларында, 17 районлық орайлық емлеўханалары, 16 көп тармақлы орайлық поликлиникалары, 89 шаңарақлық поликлиника, 76 шаңарақлық шыпакерлик пунктлеринде “Электрон поликлиника” ҳәм “Электрон емлеўхана” мәлимлеме системалары қәлиплестирилип, наўқасларды шаңарақлық шыпакерлерге бириктириў, онлайн қабыллаўға жазылыў, патронаж, профилактикалық тексериўлер, скрининг бағдарламалары ҳәм олардың нәтийжелерин таллаў, наўқасларды қосымша тексериў, мәсләҳәт ҳәм емлеўге бағдарлаў және қайта байланысыў имканиятларын өз ишине алған “Бирден-бир медицина системасы” жаратылды ҳәм енгизилди.
Өткен 2024-жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары менен жергиликли бюджет қаржыларынан 11 млрд сум ажыратылып, 17 районлық медицина бирлеспесине қараслы басланғыш медицина мәкемелерине 1 742 компьютер топламлары ҳәм 132 принтер үскенелери сатып алынып, медицина мәкемелерине жеткерилди. Буннан тысқары, “Басламалы бюджет” жойбарында жеңимпаз деп табылған медицина мәкемелери тәрепинен жәми 63 компьютер, 68 принтер техникалары сатып алынды.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен 2158 моноблок пенен барлық медициналық мәкемелер тәмийинленди ҳәм қосымша басланғыш медицина мәкемелери ушын 1 859 планшет, 526 смарт телевизор, 122 инфокиоск, 63 чек принтерлер, 777 этикет принтер, 1225 дана 2Д сканер 321 веб камера, 222 коммутатор, 223 фейрвол ҳәм локал тармақ ушын зәрүр техникалар жеткерип берилди. Өткен 2024-жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары менен жергиликли бюджет қаржыларынан 11 млрд сум ажыратылып, 17 районлық медицина бирлеспесине қараслы басланғыш медицина мәкемелерине 1 742 компьютер топламлары ҳәм 132 принтер үскенелери сатып алынып, медицина мәкемелерине жеткерилди. Буннан тысқары, “Басламалы бюджет” жойбарында жеңимпаз деп табылған медицина мәкемелери тәрепинен жәми 63 компьютер, 68 принтер техникалары сатып алынды.
Нөкис қалалық медицина бирлеспесинде орайласқан лаборатория ЛИС шөлкемлестирилип, қаладағы барлық лабораториялар орайласқан лаборатория менен интеграцияланып DMED мәлимлеме системасы тийкарында жумыс баслады.
– Жеке меншик клиникалардың халыққа хызмет көрсетиў сапасы қалай болмақта? Сондай-ақ, халықаралық бирге ислесиўди жетилистириў бойынша алып барылып атырған илажлар ҳаққында айтып өтсеңиз?
-Жеке меншик медицина клиникалары көбейип атырғаны, оларда емленип атырған наўқаслар да артып атырғаны бул демек, халықтың кеўлинен шығып атырғанлығын билдиреди. Халқымыздың саламатлығын қорғаўда жеке меншик клиникалардың үлеси кеңейип атыр деп толық айта аламыз. Ҳәзирги ўақытта республикамызда 366 жеке меншик медицина мәкемеси хызмет көрсетпекте. Соннан, 325 амбулатор ҳәм 41 стационар шараятта 57 түрдеги қәнигелик бойынша халыққа сапалы медициналық хызметлер көрсетилмекте. 2025-жыл бүгинги күнге шекем 22 жаңа жеке меншик клиника шөлкемлестирилип, өз жумысын баслады. Бүгинги күнде республикамызда 13 жеке меншик медицина мәкемесиниң хирургиялық хызмети иске қосылды ҳәм 3 жеке меншик клиника халыққа қамсызландырыў бойынша хызмет көрсетпекте. Сондай-ақ, денсаўлықты сақлаў тараўында сырт ел клиникалары менен бирге ислесиў жолға қойылып, халықаралық меморандумларға қол қойылды. Атап айтқанда, халықаралық жойбарлардан бири Қытай Халық Республикасының “CSADI” компаниясы жәрдеминде Нөкис қаласында балалар медицина кластери қурылысы режелестирилген. Бүгинги күнде 1,2 гектар жер майданы ажыратылған ҳәм үйрениў жумыслары алып барылмақта. Нөкис қаласында Аналар ҳәм балалар ушын Бирлескен Араб Әмирлигиниң “Шайх Халифа Бин Зиёд Ал Нахаян” фондының жәрдеми менен емлеўхана қурылыс жумыслары “Orient Construction Services Group” ЖШЖ тәрепинен жуўмақланбақта.
Сондай-ақ, және бир әҳмийетли жойбар бойынша Қубла Кореяның “”Acryl AI” компаниясының мирәт етиўине бола Сеул қаласында болып, Корея Республикасының медицинадағы заманагөй технологияларын енгизиў режелестирилген. “Acryl AI” компаниясы менен санластырыў тараўындағы жойбарлар додаланып, олардың мәмлекетимизде әмелге асырылыўын жеделлестириў бойынша сөйлесиўлер алып барылды.
Усы жылы да денсаўлықты сақлаў тараўында сырт мәмлекетлер менен халықаралық байланысларды орнатыў жолға қойылып, усындай бирге ислесиўлерден бири усы жылдың 20-февраль күни Ҳиндстан Республикасы “Sharda Hospital” клиникасы менен халықаралық меморандумға қол қойылды ҳәм усы жылдың 18-19-август күнлери аймақта денсаўлықты сақлаў тараўында инсаныйлық акциясы өткерилди.
Соның менен бирге, усы жылы да денсаўлықты сақлаў тараўында сырт мәмлекетлер менен халықаралық байланыслар орнатыў жолға қойылып, усындай бирге ислесиўлердиң бири усы жылдың 6-16-сентябрь күнлери Қытай мәмлекетиниң “Future Smile” фондының жәрдеми менен Қарақалпақстан Республикасынан 30 балаға технологиялы операцияларды бийпул әмелге асырыўға ерисилди. АҚШ тың “TIFO” шөлкеминиң жәрдеминде аймақта “Арал апашылығының жергиликли халықтың саламатлығына унамсыз тәсирин үйрениў” жойбары шеңберинде суў үлгилерин алыў ҳәм үйрениў жумыслары әмелге асырылмақта.
Усы жылдың 29-апрель 5-май күнлери даўамында Кувейт мәмлекетиниң “HOPE” шөлкеминиң жәрдеминде денсаўлықты сақлаў шеңберинде гуманитарлық акция әмелге асырылды. Бул акция шеңберинде регионаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлардағы наўқасларға 253 операция, 36 емлеў ҳәм 420 медициналық тексериўлер бийпул әмелге асырылыўына ерисилди.
Соның менен бирге, және бир әҳмийетли жойбар бойынша Японияның “Digital knowledge” компаниясы тәрепинен ҳәмиледар ҳаяллар ушын мөлшерленген санластырылған платформасын басланғыш медицина буўыны хызметкерлери әмелиятына енгизиў биргеликтеги жойбары әмелге асырылмақта.
– Жақында болып өткен «Саламатлық марафоны» бойынша қандай нәтийжелерге ерсилди?
– Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң 2025-жыл 29-сентябрьдеги “Саламатлық марафоны” ғалабалық илажын әмелге асырыў ҳаққында”ғы 299-санлы буйрығына муўапық усы жылдың 2-31-октябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласында “Саламатлық марафоны» ғалабалық илажы жүдә шөлкемлескенлик пенен өткерилди.
“Саламатлық марафоны” шеңберинде шөлкемлестирилген медициналық тексериўлер нәтийжесинде, денсаўлықты сақлаў хызметкерлерине 206065 халық мүрәжат етип, медициналық тексериў нәтийжесинде кеселлик анықланған 36591 адам тар тараў қәнигелериниң тексериўинен өткериўге бағдарланған ҳәм олар тәрепинен 75799 тексериў өткерилди. Соның ишинде, созылмалы кеселлиги бар 17360 наўқас тар тараў қәнигелери медициналық көригинен өткерилип, оларға мәсләҳәтлер берилди ҳәм 16377 наўқасқа амбулаториялық емлеў усыныс етилди. 983 наўқас болса, стационар шараятта емлениў ушын жиберилип, олардың 252 сине операциялар исленди. Соннан олардың 79 ын 18 жасқа шекемги балалар қурайды.
Өткерилген оператив емлеўлердиң 163 и жоқары технологиялық емлеўлер болып есапланады. Балалар арасында жоқары технологиялық емлеўлер – эндоурологиялық, кардиохирургиялық, жүз-жақ хирургиясы, нейрохирургиялық, көкирек қуўыслығы ҳәм қарын бослығы хирургиясы ҳәм пластикалық операциялар әмелге асырылды.
Сондай-ақ, марафон даўамында 110374 наўқасқа көрсетпе бойынша 7 түрдеги скрининг тексериўлери өткерилди. Соның ишинде, 2-10 жастағы 18278 балалар арасында гельминтозға, 3-18 жастағы 26585 бала онкогемотологиялық кеселликлерге, 40 ҳәм оннан үлкен жастағы 21174 адам арасында қантлы диабет ҳәм 31446 адам жүрек- қан тамыр кеселликлерине, қәўипли топарға тийисли халық арасында 4636 адам туберкулёз кеселлигине, 6071 ҳаял-қыз көкирек бези раги ҳәм 2033 ҳаял-қыз жатыр мойны раги скринингинен өткерилди. Скрининг тексериўлер нәтийжесинде 213 балада гельминтоз, 40 ҳәм оннан үлкен жастағы халықтың 181 инде қантлы диабет ҳәм жүрек қан тамыр кеселликлери, 111 ҳаял-қызда қәўипли өсимте кеселлиги (108 оң нәтийже анықланған наўқаслардан 3 инде жатыр мойны ҳәм 5 инде көкирек бези раги) өмиринде биринши мәрте анықланды.
Өткерилген “Саламатлық марафоны” даўамында мүрәжат еткен наўқаслар арасында жәми 34084 инструментал-диагностикалық тексериўлер (9987 ЭКГ, 4636 рентген, 15454 УДТ, 42 МСКТ, 2822 маммография, 1143 ангиография тексериўлери) өткерилди. Ҳәзирги ўақытлары усы дәўир ишинде медициналық тексериўден өтип, кеселликлер анықланған наўқасларға жетекши шыпакерлер тәрепинен қурамалы операциялар ислеў даўам етпекте.

– Ғәрезсиз мәмлекетимизде инсан факторына итибар мәселесине мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы ўазыйпасы сыпатында қаралып, денсаўлықты сақлаў тараўын реформалаў, медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасын ҳәм нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў, системаны заман талаплары, дүнья медицинасы стандартлары дәрежесинде раўажландырыў баслы мақсет есапланады. Бул жолда медицина хызметкерлери өзлерине жүкленген әдиўли миннетлемени жуўапкершилик пенен орынлап, халқымыздың денсаўлығын сақлаўда өзлериниң мүнәсип үлесин қосып бара береди.
Сәўбетлескен Г.Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги