Туризм бойынша жойбар таныстырылды

Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында Қарақалпақстан Республикасында туризмди раўажландырыў бойынша Олий Мажлис жанындағы Жәмийетлик фондтың социаллық буйыртпасы тийкарында әмелге асырылып атырған Муўапықластырыўшы кеңес мәжилиси ҳәм “QR Gastronomic Quality” жойбарының презентациясы болып өтти.
Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Зарикеев, мәмлекетлик уйымлар, туризм тараўы ҳәм гастрономиялық бизнес ўәкиллери, жәмийетлик шөлкемлер қатнасты.
Илаж даўамында Р.Зарикеев аймақтың туризм потенциалын арттырыўда системалы қатнас ҳәм хызметлердиң сапасын жақсылаў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Жәмийетлик фондтың социаллық буйыртпасы тийкарында әмелге асырылып атырған “QR Gastronomic Quality” жойбары ҳаққында мағлыўмат берилди.



Жойбардың тийкарғы мақсети – Қарақалпақстанда гастрономиялық туризмди раўажландырыў, хызметлердиң сапасын баҳалаў ҳәм арттырыў ушын санлы баҳалаў системасын енгизиў болып табылады.
Мәжилисте Кеңес қурамын қәлиплестириў, Мәмлекетлик уйымлар, бизнес ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер арасында бирге ислесиў механизмлерин жолға қойыў, жойбардың турақлылығын ҳәм мониторинг системасын тәмийинлеў мәселелери додаланды.
Мәжилисте Муўапықластырыўшы кеңестиң жумыс режеси тастыйықланып, регионаллық ҳәм халықаралық бирге ислесиў бағдарлары белгилеп алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги