Малайзия-Таиланд шегарасына жақын жерде мигрантлар кемеси шөгип кетти

86

Екшемби күни Таиланд-Малайзия шегарасы жанында қайық шөгип кеткеннен соң жүзлеген адамлар бийдәрек жоғалған, 10 адам аман қалған ҳәм бир адамның денеси табылған, деп хабар бермекте “Arab News”  басылымы.

Аман қалғанлар арасында үш мьянмалы, еки роҳинжалы ҳәм бир бангладешли еркек бар еди, деп жазды “Bernama” мәлимлеме агентлиги Кедаҳ полиция басшысы Адизли Абу Шаҳқа сүйенип.

Адизлиниң сөзлерине бола, Малайзияға кетип баратырған адамлар дәслеп үлкен қайыққа минген, бирақ шегараға жақынлағанда олар үш киши қайыққа өтип алған.

Қалған еки қайықтың жағдайы белгисиз ҳәм излеў-қутқарыў жумыслары даўам етпекте.

М.Пирматова, ӨзА