2026-жылдан шығынды хызметлери ушын тек ғана көрсетилген хызмет тийкарында төлем әмелге асырылады

Санитариялық тазалаў хызметлериниң сапасын арттырыў ҳәм төлем тәртибин беккемлеў мақсетинде 2026-жыл 1-январьдан баслап қатты турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығып кетиў хызметлери ушын ҳақы төлеўдиң жаңа тәртиби енгизилди.
Усы тәртипке бола, енди санитариялық тазалаў тараўында тутыныўшылардан тек ғана көрсетилген хызметлер ушын төлем есапланады. Бул ҳаққында Шығындыларды басқарыў ҳәм циркуляр экономиканы раўажландырыў агентлиги мәлим етти.
Тутыныўшылар (физикалық ҳәм юридикалық шахслар) тәрепинен қатты турмыслық шығындыларды топлаў ҳәм алып шығып кетиў бойынша хызметлер ушын онлайн төлем системалары арқалы әмелге асырылады.
Онлайн төлем системасы тутыныўшыларға қәлеген жерде ҳәм ўақытта төлемди әмелге асырыў, банкке бармастан ўақытты үнемлеў, есапты аңсат қадағалаў ҳәм чеклерди онлайн жүклеп алыў имканиятын береди. Сондай-ақ, бул система хызмет көрсетиў процесинде ашық-айдынлықты тәмийинлеп, нызамсыз төлемлер ҳәм коррупциялық жағдайлардың алдын алыўға хызмет етеди.
Қатты турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығып кетиў бойынша хызметлер ушын төлемлерден түскен қаржылар тиккелей Шығындыларды басқарыў ҳәм циркуляр экономиканы раўажландырыў агентлигиниң арнаўлы есап бетине жибериледи.
Топланған қаржылар санитариялық тазалаў кәрханалары, шығынды полигонлары, шығындыларды жағыў заводлары ҳәм экосанаат зоналарында жумыс алып барып атырған исбилерменлик субъектлерине есапқа алыўдың бирден-бир системасы арқалы төленеди. Төлемлер шығындыларды тапсырыў, қабыл етиў, утилизациялаў ямаса қайта ислеў көлеминен келип шығып, белгиленген тәртипте әмелге асырылады. Нәтийжеде қаржылардың мақсетли жумсалыўы, системада финанслық тәртип ҳәм қадағалаўдың күшейтилиўи тәмийинленеди.
Сондай-ақ, ҳәр ай жуўмағы менен хызмет көрсетиўши санитариялық тазалаў кәрханалары жумысының тийкарғы нәтийжелилик көрсеткишлери баҳаланып барылады.
Баҳалаў нәтийжесинде санитариялық тазалаў кәрханалары “қызыл,” “сары” ҳәм “жасыл” категорияларға ажыратылады. Бул категориялар санитариялық тазалаў кәрханалары ушын ҳақы төлеўде есапқа алынады. Яғный нәтийжелилик көрсеткиши жоқары баҳаланған “жасыл” категориядағы санитариялық тазалаў кәрханаларына “қызыл,” “сары” категориядағыларға салыстырғанда көбирек ҳақы төленеди. Бул тәртип санитариялық тазалаў кәрханаларының KPI көрсеткишлери тийкарында анықланады.
Бул тәртип санитариялық тазалаў тараўында көрсетилген хызметке жараса ҳақы төлениўин, хызметлердиң сапасын арттырыўды, халықтың разылығына ерисиўди ҳәм де циркуляр экономиканың раўажланыўын тәмийинлеўге хызмет етеди.
ӨзА