Өзбекстанның Биринши ханымы Зироат Мирзиёева онкология бағдарында глобал жетекшилер дизимине кирди

57

OncoDaily халықаралық платформасы рак кеселлигине қарсы гүресиў бойынша дүнья күн тәртибин белгилейтуғын жетекшилерди өз ишине алған “Онкология тараўындағы ең абырайлы 100 ҳаял” рейтингин жәриялады.

Олардың арасында Өзбекстанның Биринши ханымы, “Замин” халықаралық жәмийетлик фонды Қәўендерлик кеңесиниң баслығы Зироат Мирзиёева да бар.

Экспертлер Зироат Мирзиёеваның балаларда онкологиялық кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм емлеў басламаларын алға қойыў, балалар онкологиясы тараўында халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў, сондай-ақ, аўыр кеселликлерге шатылған балалардың өмир сүриў дәрежесин арттырыў бойынша глобаллық ҳәрекетти қоллап-қуўатлаўдағы үлесин атап өтти.

“Зироат Мирзиёева 2025-жыл сентябрь айында БМШ Бас Ассамблеясында Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми ҳәм St.Jude изертлеў емлеўханасы менен биргеликте шөлкемлестирилген “Рак ҳәм басқа да өмир ушын қәўипли кеселликлерге шалынған балалардың өмир сүриў дәрежесин арттырыў ҳәм азап-ақыбетлерин азайтыў бойынша глобаллық  ҳәрекет” атамасындағы әҳмийетли форумға басшылық етти ҳәм дүнья жәмийетшилигин рак кеселлигине шалынған балалардың өмир сүриў дәрежесин арттырыў ушын қыстаўлы илажлар көриўге шақырды.

Оның жумысында пүткил дүнья бойлап, әсиресе, өмир сүриў көрсеткишлери сезилерли дәрежеде төмен болған мәмлекетлерде балаларға медициналық жәрдемнен тең пайдаланыўды тәмийинлеў мәселелери айрықша орын ийелейди. Ол миллий стратегияларды 2030-жылға барып рак кеселлигине шалынған балалардың өмир сүриў дәрежесин 60 процентке жеткериў сыяқлы халықаралық мақсетлер менен байланыстырыў арқалы Өзбекстанның глобаллық  денсаўлықты сақлаў сиясатындағы орнын беккемледи,” делинеди рейтингте.

Зироат Мирзиёеваның халықаралық рейтинге киргизилиўи оның жуқпалы болмаған кеселликлерге қарсы гүресиўди миллий ҳәм глобаллық дәрежеде күшейтиўге қосқан жеке үлесиниң тән алыныўы, соның менен бирге, Жаңа Өзбекстанда денсаўлықты сақлаў тараўында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжелилигиниң тастыйығы болып есапланады, – деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги