Президент: мен шыпакер ийниндеги ақ липасты тек ғана кәсип белгиси емес, ал Ўатанға шексиз садықлық тымсалы деп билемен

54

Президент Шавкат Мирзиёевтиң медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлери менен ушырасыўында тараў ўәкиллери менен сөйлесиў болып өтти. Мәмлекетимиз басшысы олардың усынысларын, пикир-усынысларын тыңлады.

– Мен шыпакер ийниндеги ақ липасты тек ғана кәсип белгиси емес, ал Ўатанға шексиз садықлық тымсалы деп билемен.

Буннан былай да шыпакердиң, ҳәр бир медицина хызметкериниң абырайын қорғаў, оған ҳәр тәреплеме мүнәсип шараят жаратыў итибарымыз орайында болады.

Биргеликте биз Жаңа Өзбекстанды басқа тараўлар қатарында медицинасы да раўажланған мәмлекетке айландыратуғынымызға исенемен.

Бәршеңизге усы жолда беккем денсаўлық, күш-ғайрат, оғада жуўапкершиликли ҳәм мақтанышлы жумысыңызда үлкен табыслар, шаңарақлық бахыт-ығбал тилеймен, – деди Президентимиз ушырасыў жуўмағында.

ӨзА