Поликлиникада, районлық ҳәм ўәлаятлық емлеўханаларда, республикалық орайларда бәсеки ҳәм исшеңлик орталығы пайда болады

75

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиң медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлери менен ушырасыўында мәлим етилди.

Бундай таңлаў 26 қәнигелескен орай ушын да болады.

Соның ишинде, клиникалық протоколларды ең алдынғы тәжирийбелер тийкарында жаңалаған, емлеўдиң жаңа усылларын енгизген, район ҳәм мәҳәлледе жумысты дурыс шөлкемлестирген, сырт елден жақсы шерик таўып, қәниге ҳәм инвестицияларды алып келген, орайды заманагөй үскенелер ҳәм лабораториялар менен тәмийинлеген, медициналық хызметлер экспортын есесине арттырған орай директорлары, филиаллардың басшылары да мүнәсип сыйлықланады.

– Солай етсек, поликлиникада, районлық ҳәм ўәлаятлық емлеўханаларда, республикалық орайларда бәсеки ҳәм исшеңлик орталығы пайда болады, жақсы тәжирийбелер жүзеге шығады, мүнәсип тараў ўәкиллери әдил сыйлықланады, мақтанышы көтериледи. Халқымыз да буның тиккелей қатнасыўшысына айланады, – деди Президентимиз.

ӨзА