Орай директорлары, денсаўлықты сақлаў басшылары, шаңарақлық поликлиника баслықлары бир айлық анық реже тийкарында ислеўге өтеди

47

Президент Шавкат Мирзиёевтиң медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлери менен ушырасыўы даўам етпекте.

– Бүгин адамлардың турмысқа көзқарасы да, талап ҳәм мүтәжликлери, көзқарасы да түп-тийкарынан өзгерди. Бул басқа тараўлар қатарында медицинада да сапаны арттырыў, заманагөй көзқарасларды алып кириў бойынша алдымызға жаңа ўазыйпаларды қоймақта.

Соның ушын, ноябрь-декабрь айында қатты таярлық көрип, январьдан медицинада халықтың баҳасын еситетуғын системаны енгиземиз, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Енди 26 орайдың директорлары, ўәлаятлық, районлық денсаўлықты сақлаў басшылары, шаңарақлық поликлиника баслықлары бир айлық анық реже тийкарында ислеўге өтеди.

Бул басшылар телевидение ҳәм социаллық тармақларда шығып, өзине алған ўазыйпаларды, қайсы кеселликлер көп ушырасып атырғаны ҳәм оларды азайтыўды халыққа жәриялап барады. Сондай-ақ, адамларға мүрәжат етип, денсаўлығына итибар бериў, медициналық тексериўден өз ўақтында өтиў, дурыс аўқатланыў ҳәм физикалық белсендиликти түсиндиреди.

Орай басшылары өз тараўында ең аўыр район ҳәм мәҳәллеге барады. Бир ай қалып, кеселликлердиң себеплерин үйренип, оларға шешим береди, шаңарақлық поликлиника ҳәм районлық емлеўханалардың шыпакерлерин кеселликти емлеўге үйретеди.

ӨзА