Аймақларға қаншама машақатлар менен алып келинген үскенелер толық иске қосылмай атыр, айырымларының қадағы да еле ашылмаған – Президент

34

Жақында Республикалық онкология орайының басшысы жумыстан алынып, орнына Түркиядан маман басқарыўшы қойылды. Бул орайға Францияның дүнья тән алған “Густав Росси” клиникасы да тартылды. Олардың клиникалық протоколларын енгизиў басланады.

-Барлық орай басшылары еситип алсын: орайлар жеке мүлк емес, олардың барлығы мәмлекеттики, халықтыки!

Ҳәр бир орай басшысы жуўмақ шығарып, өзине бир жыллық үлкен реже алыўы керек. Олар үш айда сырт елден шерик таўып, өзгерислерди өзи ислейди ямаса бул жумысты оларсыз ислеймиз, – деди Президентимиз.

Ўәлаят, район медицина басшылары, шаңарақлық поликлиника баслықлары да елеге шекем ескише қатнас жасап, ески усылда ислеп атырғаны көрсетип өтилди.

Аймақларға қаншелли машақатлар менен алып келинген үскенелер толық иске қосылмай атыр, айырымларының еле қадағы да ашылмаған.

Мысал ушын, Гурлен районы емлеўханасына 300 мың долларға алып берилген МСКТ аппараты қуўатлылығына салыстырғанда тек ғана 9 процентке хызмет көрсетпекте. Ямаса Наўайы ўәлаяты қыстаўлы орайындағы дерлик 1 миллион доллар туратуғын ангиограф 4 процент жүклеме менен ислемекте.

Олардың жуўапкерлери жеке меншик клиникаларға барып, исбилерменлер бундай аппаратлардан қалай нәтийжели пайдаланып атырғанын көриўи, үйрениўи керек екенлиги атап өтилди.

ӨзА