Соңғы бес жылда асқазан кеселликлери 1,5 есеге қысқарған болса да, Қашқадәрья ҳәм Наўайыда дерлик өзгерис болмаған

55

Қайсы мәҳәлледе, районда қандай кеселлик көбейген ямаса азайғанын таллап, олардың алдын алыў ҳәм нәтийжели емлеў бойынша анық реже менен ислесиў, республикалық орайлар бундай таллаў ҳәм қатнас жасаў менен жумысты төменде шөлкемлестириўи, үлкен қаржы есабынан алып берилген ең заманагөй үскенелерден нәтийжели пайдаланыў ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли екени көрсетип өтилди.

Президентимиз бул жумыслардың жағдайын анық мысаллар тийкарында таллады.

Мысал ушын, соңғы бес жылда асқазан кеселликлери 1,5 есеге қысқарған болса да, Қашқадәрья ҳәм Наўайыда дерлик өзгерис болмаған. Яккабоғта шыпакерлерге болған мүрәжатлардың 33 проценти, Ғузарда 29 проценти, Касон ҳәм Миришкорда болса 25 проценти асқазан-ишек кеселликлери менен байланыслы.

Шыпакерлеримиз халыққа, әсиресе, балаларға антибиотиклерди елеге шекем шала-шарпы қолланып киятырғаны сынға алынды. Районларға түсип, емлеўхана ҳәм поликлиникалардағы шыпакерлерге қайсы дәри мүмкин, қайсысы мүмкин емес екенлигин үйретиў жумыслары төмен.

Және бир мысал, бөтеке кеселликлериниң үлеси Қарақалпақстан, Хорезм, Ферғана ҳәм Әндижанда республикалық көрсеткиштен 40-50 процентке жоқары.

Бул аймақларда бул кеселликлер жыллар даўамында азаймай киятырғаны Урология орайы ҳәм Нефрология орайы басшыларын қәўетерге салыўы, олар төменге түсип, бөтекекеселликлериниң алдын алыўды үйретиўи керек екенлиги көрсетип өтилди.

ӨзА