Қәнигелескен медициналық орайларға соңғы бес жылда 7,5 триллион сум қаржы берилди

80

Президент Шавкат Мирзиёевтиң медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлери менен ушырасыўы даўам етпекте.

Президентимиз бул мәжилис халқымыз ушын да, медицина тараўы ҳәм оның ўәкиллери ушын да пайдалы болыўы керек екенлигин көрсетип өтти. Сонлықтан, шешимин күтип турған мәселелерди ашық-айдын сөйлесип алыўды усыныс етти.

Инфляцияны жылаўлаў, азық-аўқат өнимлериниң баҳасын турақлы услап турыў бойынша көп жумыслар исленбекте. Бирақ халық дәраматының үлкен бөлегин тийкарынан дәри-дәрмаққа жумсап атырғаны атап өтилди.

– Қәнигелескен орайларға соңғы бес жылда 7,5 триллион сум қаржы берилди. Олар мыңлаған ең заманагөй үскенелер менен тәмийинленди. Дәри жетиспей атыр деп бирде-бир орай айта ала ма?

Мине, усы қаржылар, үскенелер ҳәм дәри-дәрмақлар қалай жумсалмақта? Тилекке қарсы, үскенелердиң қуўатлылығынан тек ғана 25 процент пайдаланылып атыр, – деди Президент.

Санластырыў, сырт елден шериклер табыў, клиникалық протоколларды жаңалаў, алдынғы диагностика, профилактика ҳәм емлеўди еплейтуғын заманагөй жәмийетшиликти қәлиплестириў бойынша ислемеген орай, районлық, ўәлаятлық денсаўлықты сақлаў басқармалары ҳәм бөлимлериниң келешеги жоқ екенлиги атап өтилди.

Қайсы мәҳәлледе, районда қандай кеселлик көбейген ямаса азайғанын таллап, олардың алдын алыў ҳәм нәтийжели емлеў бойынша анық реже менен ислесиў, республикалық орайлар бундай таллаў ҳәм қатнас пенен жумысты төменде шөлкемлестириўи, үлкен қаржы есабынан алып берилген ең заманагөй үскенелерден нәтийжели пайдаланыў ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли екени көрсетип өтилди.

ӨзА