Президентимиз мәмлекетимиздиң жоқары атақ, орден ҳәм медалларына ийе болған инсанларға мине усы сыйлықларды тапсырды

78

– Медицинадағы өзгерислерди аўыллық ҳәм алыс аймақларда жасап атырған миллионлаған адамларымыз да сезип атыр, халықаралық шөлкемлер, таллаў ҳәм рейтинг орайлары тән алмақта.

Елимизде орташа өмир даўамлылығы ер адамлар арасында 71 жастан 73 жасқа, ҳаял-қызлар арасында болса 76 жастан 77,5 жасқа узайғаны сизлер менен ерискен үлкен жетискенлигимиз, десем дурыс болады.

Әлбетте, машақатлы мийнет жемиси болған бундай ийгиликли жумысларда 600 мыңнан аслам жанкүйер медицина хызметкерлериниң мүнәсип үлесин атап өтип, ҳәр қанша рахмет айтсақ, арзыйды, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Буннан соң Президентимиз мәмлекетимиздиң жоқары атақ, орден ҳәм медальларына ийе болған инсанларға мине, усы сыйлықларды тапсырды.

Олардың арасында дүньяның абырайлы жоқары оқыў орынларында билим ҳәм тәжирийбе алып, елимизге қайтып келип ислеп атырған, жоқары технологиялық емлеўлерди әмелге асырып атырған жас шыпакерлер де бар.

Мәмлекетимиз басшысы халықтың саламатлығын сақлаўда жақыннан жәрдем берип атырған сырт елли шериклерге айрықша ҳүрмет-иззетин билдирди.

ӨзА