Медицина ҳәм Фармацевтика хызметкерлерин қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында

65

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Мәмлекетлик медицина мәкемелери хызметкерлерин социаллық қорғаўды күшейтиў, олардың материаллық мәпдарлығын арттырыў, нәтийжели жумыс ислеўи ушын мүнәсип шараятлар жаратыў мақсетинде қарар етемен:

  1. Мақсетлер
  2. Төмендегилер медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлерин қоллап-қуўатлаўдың тийкарғы мақсетлери етип белгиленсин:

а) медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлерин социаллық қорғаўды күшейтиў, олардың материаллық мәпдарлығын арттырыў;

б) халыққа сапалы ҳәм нәтийжели медициналық хызмет көрсетип атырған пидайы хызметкерлерге қосымша хошаметлеў илажларын енгизиў;

в) перспективалы жас қәнигелердиң өз кәсиплик маманлығын арттырып барыўы ушын қосымша имканиятлар жаратыў;

г) “шыпакер – халықтың саламатлығы сақшысы” сүрени астында жәмийетте олардың абырайын арттырыў.

  1. Медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлерин финанслық қоллап-қуўатлаў
  2. 2026-жылдан баслап мәмлекетлик медицина мәкемелериниң хызметкерлери Медицина хызметкерлери күни мүнәсибети менен Медицина мәкемелерин материаллық хошаметлеў ҳәм раўажландырыў қоры есабынан ҳәр жылы мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарында хошаметленсин.
  3. Медицина хызметкерлери күни мүнәсибети менен ҳәр жылы төмендеги номинациялар бойынша таңлаў өткерилсин:

а) “Ең жақсы республикалық емлеўхана баслығы,” “Ең жақсы аймақлық денсаўлықты сақлаў уйымының баслығы”;

б) ҳәр бир аймақта:

  1. i) “Ең жақсы район (қала) денсаўлықты сақлаў уйымы баслығы,” “Ең жақсы шаңарақлық поликлиника баслығы,” “Ең жақсы район (қала) шыпакери” ҳәм “Ең жақсы район (қала) орта медицина хызметкери”;
  2. ii) “Ең жақсы шаңарақлық поликлиника,” “Ең жақсы район (қала) лық емлеўхана” ҳәм “Ең жақсы аймақлық емлеўхана.”
  3. Төмендегилер:

а) таңлаў нәтийжелери тийкарында жеңимпазлар төмендеги муғдарларда Медицинаны раўажландырыў мәмлекетлик мақсетли қоры (кейинги орынларда – Қор) есабынан бир мәртелик хошаметленетуғыны:

  1. i)  медицина мәкемелери – 500 миллион сум;
  2. ii) медицина ҳәм басшы хызметкерлер – 30 миллион сум;

б) таңлаў жеңимпазлары Медицина хызметкерлери күни алдынан жәрияланады, оларды мәмлекетлик сыйлықларға усыныс етиў және сырт елдеги абырайлы билимлендириў ҳәм илимий шөлкемлерде Қордың қаржылары есабынан менеджерлик ҳәм басқа да заманагөй бағдарламалар тийкарында оқытыў әмелияты жолға қойылатуғыны;

в) “Ең жақсы республикалық емлеўхана баслығы,” “Ең жақсы район (қала) денсаўлықты сақлаў уйымы баслығы” ҳәм “Ең жақсы шаңарақлық поликлиника баслығы” номинациялары бойынша таңлаў жеңимпазлары “Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен денсаўлықты сақлаў хызметкери” ҳүрметли атағы менен сыйлықлаўға усыныс етилетуғыны белгиленсин.

 

  1. 2026-жыл 1-апрельден баслап мәмлекетлик медицина мәкемелериниң жумыс ўақты режими бес күнлик жумыс ҳәптесине өткерилсин. Онда медицина мәкемелери жумысының үзликсизлигин тәмийинлеў ушын байрам ҳәм дем алыс күнлери нәўбетшилик тийкарында ислеў жолға қойылады.
  2. 2026-жыл 1-январьдан баслап мәмлекетлик медицина мәкемелеринде Қор қаржылары есабынан:

а) район (қала) дәрежесинде жаңа емлеў усылларын енгизген ҳәм оның унамлы нәтийжесине ерискен район (қала) медицина мәкемелериниң шыпакерлерине базалық есаплаў муғдарының 50 есеси муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлық бериледи;

б) мәмлекетлик медицина мәкемелеринде кеминде 15 жыл жумыс стажына ийе болған медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлериниң перзентлерине республика аймағындағы жоқары билимлендириў шөлкемлеринде бакалавриат тәлим бағдары бойынша жыллық контракт суммасының 30 проценти муғдарындағы, бирақ базалық есаплаў муғдарының 15 есесинен аспаған бөлеги қаплап бериледи;

в) медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлериниң халықаралық илимий-техникалық мағлыўматлар базасында индексленетуғын ҳәм жоқары импакт-факторлы журналларда мақалаларды басып шығарыўға байланыслы қәрежетлери толық қаплап бериледи;

г) ҳәр жылы мәмлекетлик медицина мәкемелеринде кеминде 15 жыл мийнет стажына ийе болған 500 медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлерин турақ жай менен тәмийинлеў ушын ипотека кредити тийкарында сатып алынатуғын турақ жайдың дәслепки төлеминиң 25 проценти қаплап бериледи.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги және Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң миллий аккредитациядан өткен мәмлекетлик медицина мәкемелериниң хызметкерлерине 2026-жыл 1-январьдан баслап лаўазымлық мийнет ҳақысының 10 проценти муғдарында айлық үстеме төлеў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

  1. 2026-жыл 1-январьдан баслап мәмлекетлик медицина мәкемелериниң медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлерине төмендеги қосымша жеңилликлер берилсин:

а) мәмлекетлик медицина мәкемелеринде кеминде 3 жыл жумыс стажына ийе болған хызметкерлерге Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан бир жылда бир мәрте бийпул жоқары технологиялы қәнигелестирилген медициналық жәрдем көрсетиў;

б) мәмлекетлик медицина мәкемелеринде кеминде 15 жыл жумыс стажына ийе болған хызметкерлерге Кәсиплик аўқамлары федерациясы ҳәм медицина мәкемесиниң қаржылары есабынан бир жылда бир мәрте республика аймағындағы санаторийлерге бийпул жоллама бериў;

в) барлық түрдеги мәмлекетлик хызметлер ушын төлемлердиң муғдарын еки есеге азайтыў.

III. Қарардың орынланыўын шөлкемлестириў, тәмийинлеў ҳәм қадағалаў

  1. Денсаўлықты сақлаў министрлиги бир ай мүддетте усы қарарда белгиленген жеңилликлерди қолланыў және таңлаў жеңимпазларын анықлаў бойынша нормалар менен тәртип-қағыйдаларды тастыйықлаў илажларын көрсин.
  2. Экономика ҳәм қаржы министрлиги 2026-жылдан баслап:

а) усы мақсетлер ушын ҳәр жылы Қорға қосымша индексленип барылатуғын 100 миллиард сум қаржы ажыратсын;

б) Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде усы қарар менен белгиленген илажларды әмелге асырыўға байланыслы қәрежетлерди қаржыландырыў ушын зәрүр қаржылардың нәзерде тутылыўын тәмийинлесин.

  1. Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип денсаўлықты сақлаў министри А.А.Худаяров белгиленсин.
  3. Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы басшысының медицинаны реформалаў бойынша орынбасары Т.А.Алиеваға жүкленсин.

 

 

Өзбекстан Республикасы

Президент Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2025 – жыл  9 – ноябрь