Медицина хызметкерлери күни мүнәсибети менен тараў хызметкерлеринен бир топарын сыйлықлаў ҳаққында

107

Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ  Пәрманы

Елимизде денсаўлықты сақлаў системасын ҳәм фармацевтиканы раўажландырыў, медициналық хызметлердиң сапасын арттырыў, тараўды түпкиликли реформалаўға қаратылған бағдарламалардың орынланыўын табыслы тәмийинлеў бағдарындағы көп жыллық нәтийжели мийнети, өзиниң билим ҳәм потенциалы, профессионаллық шеберлиги менен диагностика ҳәм емлеў әмелиятында заманагөй, жоқары технологиялық усылларды кеңнен қолланыў, халықтың саламатлығын исенимли қорғаў, жәмийетте саламат турмыс тәризин беккемлеўге мүнәсип үлес қосып киятырғаны, жоқары маман кадрларды таярлаў жолындағы үлкен хызметлери және жәмийетлик турмыста белсене қатнасқаны ушын төмендегилер сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

II дәрежели “Соғлом авлод учун” ордени менен

Кабулов Мэлс – Қарақалпақстан медицина институты хирургиялық кеселликлер ҳәм трансплантология кафедрасы профессоры

II дәрежели “Саломатлик” ордени менен

Есенбаев Пухарбай Қазақбаевич – Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем орайының Қанлыкөл районы бөлими автокәрханасы баслығы

Мадреймова Гулпаршын Имамаддиновна – Тахтакөпир районындағы “А.Адилов” шаңарақлық шыпакерлик пункти патронаж мийирбийкеси

“Дўстлик” ордени менен

Жайбергенова Гулнара Муратбаевна – Қараөзек районы медицина бирлеспесиниң туўыў бөлиминиң неонатологи

«Соғлом турмуш» медалы менен

Маримова Еркиной Козиевна – Беруний районы медицина бирлеспесиниң нәрестелер бөлими баслығы.

 

Өзбекстан Республикасы

Президент Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2025-жыл 8-ноябрь