Жәҳән банки: ҳаял-қызлардың имканиятларын кеңейтиўде жетискенликлерге ерискен бес мәмлекеттен бири – Өзбекстан

87

Мәмлекетимиз регионаллық ҳәм халықаралық дәрежеде ҳаял-қызлар жетекшилиги тараўында тәжирийбе орайына айланып бармақта. Халықаралық майданда Өзбекстанның бул бағдардағы ҳәрекетлери жоқары баҳаланбақта.

Атап айтқанда, Жәҳән банкиниң баҳалаўына бола, ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен имканиятларын кеңейтиў бойынша ең үлкен жетискенликлерге ерискен бес мәмлекет қатарында Өзбекстан да бар.

Ташкент қаласында “Мәмлекетлик басқарыўда ҳаял-қызлардың роли: Өзбекстан келешегин қәлиплестирип атырған реформалар ҳаўазы” атамасында өткерилген халықаралық конференцияда бул ҳаққында сөз етилди.

Басқарыў нәтийжелилиги агентлигиниң басламасы менен шөлкемлестирилген илажда Сенат ағзалары, Нызамшылық палатасының депутатлары, Ҳаял-қызлардың жәмийеттеги ролин арттырыў, гендер теңлик ҳәм шаңарақ мәселелери бойынша республикалық комиссия ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери және белсенди басшы ҳаял-қызлар қатнасты.

Илажда Сенат Баслығы Танзила Норбоева ҳаял-қызлардың сиясий, социаллық ҳәм экономикалық процесслердеги белсендилигин арттырыў мәмлекетимиздиң тийкарғы бағдарларынан бири екенин атап өтти.

Мәмлекетимиздиң парламент системасында ҳаял-қызлардың қатнасыўы избе-из артып баратырғаны атап өтилди. Соның ишинде, Нызамшылық палатасы депутатларының 38 проценти, Сенат ағзаларының 27 проценти, сондай-ақ, жергиликли кеңеслер депутатларының 32 проценттен асламын ҳаял-қызлар қурайды.

4 жыл даўамында жумыс алып барып атырған “Басшы ҳаял-қызлар мектеби” арқалы 400 ден аслам ҳаял-қызлар заманагөй басқарыў ҳәм жетекшилик көнликпелерин ийеледи. Бүгинги күнде резервке киргизилген ҳаял кадрлар өз потенциалы, интакерлиги ҳәм пидайылығы менен ажыралып турыпты.

Соның менен бирге, мәмлекетимизде гендер теңликти тәмийинлеў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Кейинги сегиз жылда ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаўға қаратылған 110 нан аслам нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилди. Қабыл етилип атырған нызам жойбарларының гендер экспертизасынан өткерилиўи, гендер аудит ҳәм бюджетлестириў системаларының енгизилиўи тараўда комплексли қатнасты тәмийинлемекте.

Ҳаял-қызлар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў бойынша көрилген илажлар нәтийжесинде кейинги жылларда исбилермен ҳаял-қызлардың саны 3,7 есеге артты.

Илажда атап өтилгениндей, ҳаял-қызлардың мәмлекетлик басқарыўдағы қатнасын және де кеңейтиў, басшылық лаўазымларына таярлаў системасын күшейтиў, орынларда да ҳаял-қызлардың жетекшилигин қоллап-қуўатлаў әҳмийетли ўазыйпа болып қалмақта.

Ҳаял-қызларды қарар қабыл етиў процесслерине жедел тартыў, олардың кәсиплик шеберлигин арттырыў, экономикалық еркинлигин беккемлеў, санлы экономика ҳәм илимдеги қатнасын кеңейтиўге қаратылған жумысларды избе-из даўам еттириў зәрүрлигине итибар қаратылды.

Н.Абдураимова, ӨзА