Мийнеттен келсе байлық…

Дийқаншылықта берунийлилердиң өзлери жаратқан тәжирийбе мектеби бар. Әсиресе, жердиң сырын жақсы ийелеген дийқанлардың мийнет нәтийжеси гүз мәўсими келиўи менен билинеди. Беруний районы «Наўайы» аўыл пуқаралар жыйыны мысалында дийқанлардың ерискен жетискенликлери ҳәм гүзги зүрәәт жыйыны менен таныстық. Наўайы аўылында халықтың саны 7 мың 753 ти қурайды. Аймақтың тийкарғы драйвер тараўлары дийқаншылық, шарўашылық, саўда хызмет көрсетиў болып, бул бағдарда бир қанша жаңа тәжирийбелер жолға қойылмақта.
Мәҳәлле ҳәкими жәрдемшисиниң мағлыўматына бола, аймақта ғәллениң орнына егилген овощ-палыз өнимлериниң зүрәәти быйылғы жылы бираз жоқары болды. Атап айтқанда, “Иззат Жуманиязов” фермер хожалығы тәрепинен 3 гектар жерге егилген гешир, түрпи, шалғам ҳәм капуста сыяқлы овощ өнимлериниң зүрәәтин жыйнап-терип алыў басланған. Әсиресе, бул аймақта гешир зүрәәти жақсы: 3 гектар жерден 90-100 тонна гешир алынады. Фермер хожалығы менен ижара шәртнамасы тийкарында 10 сотыхтан 1 гектарға шекемги жерлерде де өним жыйнаў жумыслары басланған. Халықтың тийкарғы дәрамат дереги дийқаншылық есапланады. Жыйнап-терип алынған өним музлатқышларда сақланады.



Өз үйинде нәсилли шарўа бағып, оны көбейтиў менен шуғылланып атырған Сапаргүл Жамалованың шаңарағында семинтал ҳәм голдштейн нәсилли қарамаллар сақланады. Күнине 30-40 литр сүт саўылып, дүканларға тапсырылады. Шарўа малларының қыс мәўсими ушын азық-аўқаты ғамланып, шараятлары жаратылады. Нәсилли шарўаны көбейтип, оны сатып дәраматын ийгиликли ислерге жумсап атырған шаңарақ ийелериниң келешектеги режелери үлкен. Заманагөй фермер хожалығын шөлкемлестирип, елимиздиң шарўашылық бағдарына мүнәсип үлес қосыўды мақсет еткен. Аймақларда халықтың бүгинги күндеги реформалар менен үнлес жасап атырғаны, бул жолда бирлесип ҳәрекет етип атырғаны бәршемизди қуўандырады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги