Медицина хызметкерлери күни кең түрде белгиленди

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Медицина хызметкерлери күни» мүнәсибети менен байрам кешеси болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, тараў пидайыларын байрам мүнәсибети менен қызғын қутлықлады.
Атап өтилгениндей, соңғы жылларда Президентимиз тәрепинен тараўға байланыслы бир қатар пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди. Заманагөй медициналық мәкемелер қурылды. Тараўдың материаллық-техникалық базасы беккемленип, ең шетки аймақлардағы медицина мәкемелерин тәжирийбели кадрлар менен тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта.
Әсиресе, бул бағдарда тараў хызметкерлери ушын Қарақалпақстанда көплеген имканиятлар жаратылып, халқымыздың саламатлығын беккемлеў, медициналық хызмет көрсетиў сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығылмақта.
Өткерилген байрам салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары менен тараўда пидайылық пенен жемисли мийнет етип атырған бир қатар медицина тараўы хызметкерлери сыйлықланды.

Байрам салтанаты көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги