Қытай компаниясы 40 мың куб метр ақаба суўды тазалаў қуўатлылығына ийе имарат қурады

35

Өзбекстан ҳәм Қытай бирге ислесиўинде экологиялық орталықты қорғаўға қаратылған және бир әҳмийетли жойбар әмелге асырылмақта. Қытайдың “Qingyan Environmental Technology компаниясы тәрепинен күнине 40 мың куб метр шығынды суўды тазалаў қуўатлылығына ийе заманагөй имарат қурылмақта.

Бул комплекс тек ғана суўды тазалаў емес, ал ҳаўаны тазалаў системалары менен де үскенеленеди. Онда төрт технологиялық шынжыр избе-изликте ислейди ҳәм бул система ири санаат зоналары және бояўханалардан шығатуғын суўды нәтийжели тазалаў имканиятын береди.

Жойбар Европа экологиялық стандартларына толық сәйкес болып, шығынды суўдың 60 проценти қайта исленеди. Системада пайда болатуғын шлам (ылай) арнаўлы кептирилип, электр энергиясын ислеп шығарыўда қайта пайдаланылады. Бул болса қоршаған орталыққа унамсыз тәсирди кескин азайтады.

Жойбар мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында әмелге асырылмақта. Қытайлы бирге ислесиўшилер имаратты 15 жыл даўамында басқарып, суўды тазалаў, химиялық қайта ислеў ҳәм хызмет көрсетиў процесслерин толық өз мойнына алады. Бир куб метр суўды тазалаў қәрежети 1-1,2 АҚШ доллары әтирапында болыўы күтилмекте.

Қурылыс жумыслары 8 ай ишинде жуўмақланады. Имарат пайдаланыўға тапсырылғаннан соң, жергиликли тоқымашылық кәрханалары экологиялық таза суўдан пайдаланған ҳалда өнимлерин халықаралық стандартларға сәйкес түрде ислеп шығарыў имканиятына ийе болады.

Ҳамроз Баянов,

ӨзАның хабаршысы