АИЖСқа қарсы гүресиў орайында қурылыс–оңлаў жумыслары алып барылды

42

Соңғы жыллары елимизде денсаўлықты сақлаў системасын модернизациялаў, медициналық мәкемелерди заманагөй талапларға муўапық тәризде жаңалаў ҳәм шыпакерлер ушын қолайлы мийнет шараятларын жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Усы мақсетте Азия раўажланыў банки ҳәм Азия инфраструктуралық банкиниң жеңиллетилген қарыз қаржылары есабынан Қарақалпақстан Республикасы АИЖСқа қарсы гүресиў орайында қурылыс–оңлаў жумыслары алып барылды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 18-март күни өткерилген денсаўлықты сақлаў тараўы ўәкиллери менен “Медицинадағы реформалар – инсан қәдири ушын” атамасындағы ашықтан-ашық сөйлесиўи шеңберинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, АИВ инфекциясының алдын алыў, оған диагноз қойыў ҳәм емлеў сапасын буннан былай да арттырыў, халық арасында АИВ инфекциясын анықлаў бойынша тексериўлердиң қамтып алыўын арттырыў, наўқасларға сапалы медициналық ҳәм руўхый-социаллық жәрдем көрсетиў, оларды зәрүр дәри-дәрмақлар менен толық тәмийинлеў және социаллық қорғаўды күшейтиў белгиленген еди.

Усы Стратегияға муўапық, илажларды әмелге асырыў мақсетинде Денсаўлықты сақлаў министрлиги Экономика ҳәм қаржы министрлиги менен биргеликте 2023-2027-жылларда Мәмлекетлик бюджет қаржылары, АИЖС, туберкулёз ҳәм безгекке қарсы гүресиў бойынша Глобаллық қор қаржылары, Азия раўажланыў банки және Азия инфраструктуралық инвестициялар банкиниң қарыз қаржылары есабынан халық арасында АИВ инфекциясын ерте анықлаў, диагноз қойыў ҳәм емлеў сапасын арттырыў мақсетинде тест-системаларын ҳәм ретровирусқа қарсы қуралларды сатып алыў, АИЖСқа қарсы гүресиў орайлары ҳәм олардың районлараралық диагностика лабораторияларының материаллық-техникалық базасын раўажландырыў, қәнигелердиң билим ҳәм көнликпелерин арттырыў, кеңнен үгит-нәсиятлаў жумысларын өткериў, сондай-ақ, басқа да шөлкемлестириў илажлары ушын қаржылар ажыратылды.

Мине усы тийкарда орайда қурылыс–оңлаў жумыслары алып барылып, пуқараларға көрсетилетуғын хызмет сапасы және де арттырылды. Бүгинги күнде орайда наўқаслар ушын барлық қолайлықлар жаратылған – тазалыққа, қолайлы орталыққа ҳәм заманагөй үскенелерге айрықша итибар қаратылған. Бул болса, әлбетте, руўхый саламатлық ҳәм нәтийжели емлениў ушын әҳмийетли фактор есапланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги