Прокурор қабыллаўында 20 дан аслам мүрәжат тыңланды
31

Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Ш.Аминов тәрепинен халық пенен тиккелей ҳәм ашықтан-ашық сөйлесиў, халықты қыйнап киятырған системалы машқалаларды анықлаў ҳәм оларды қысқа мүддетлерде нызамлы шешиў мақсетинде қабыллаў өткерилди.
Қабыллаўда 20 дан аслам физикалық тәреплер ҳәм юридикалық тәреплердиң тийкарынан тергеў ҳәм сорастырыў, суд процесслеринен наразылығы бойынша және социаллық-экономикалық машқалалары бойынша мүрәжатлары тыңланды.


Социаллық тараўға байланыслы келип түскен мүрәжатлардың айырымлары орнында унамлы шешилген болса, тексериў талап етилетуғын мүрәжатлар прокурор қадағалаўына алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги